Қәдирли муғаллимлер ҳәм устазлар!

Тараў пидайылары ҳәм ҳүрметли нуранийлары!

Өсип киятырған жас әўладтың руўхый дүньясы бай, жоқары интеллектуаллық потенциалға ийе болып кәмалға келиўинде аянбай мийнет етип атырған пидайы, кәсибине садық, жанкүйер, өз өмирин перзент тәрбиясы менен байланыслы ийгиликли ислерге бағышлаған Сизлерди «1-октябрь – муғаллимлер ҳәм устазлар күни» улыўмахалықлық байрамы менен Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңеси атынан қызғын қутлықлаймыз.

Бүгинги байрам мүнәсибети менен Ҳүрметли Президентимиз тәрепинен Сизлерге жолланған қутлықлаўда «Барлығымыз жақсы түсинемиз, тәлим-тәрбия – ҳәр қайсы мәмлекеттиң ҳәм жәмийеттиң тек ғана бүгинги емес, ал ертенги күнин де шешетуғын ең әҳмийетли ҳәм тийкарғы мәселе болып есапланады» деген терең мазмунлы пикир айрықша орын алған.

Ҳақыйқатында да, биз бүгин заманагөй билим ҳәм кәсип-өнерлерди, шет тиллерин пуқта ийелеп, келешекке үлкен үмит ҳәм исеним менен қәдем қойып атырған, ертеңги күнимиздиң шешиўши күши болған перзентлеримиздиң кәмалында устазларымыздың шексиз үлеси бар екенлигин айрықша атап өтемиз ҳәмде Сизлердиң бул уллы хызметиңизди жоқары баҳалаймыз.

Себеби, ҳәр бир елдиң бүгинги турмысы, оның келешеги билимлендириў тараўының қандай дәрежеде раўажланғанлығы менен белгиленетуғыны дүнья мәмлекетлери тәжирийбесинде көп мәрте сынақтан өткенин бәриңиз жақсы билесизлер.

Ҳүрметли Президентимиз тәрепинен жасларды руўхый-әдеп-икрамлылық ҳәм физикалық жақтан жетик етип тәрбиялаў, оларға тәлим-тәрбия бериў системасын сапа жағынан жаңа басқышларға көтериў, халық билимлендириў системасын басқарыўда жаңа принциплерди енгизиў ҳәм басқа да ҳуқықый тийкарлардың жаратылыўы муғаллим ҳәм устазлар турмысында, өсип киятырған жаңа әўлад тәрбиясында айрықша орын ийелейди.

Ҳәзирги ўақытта елимизде заман талаплары тийкарында билимлендириў системасында түпкиликли реформалар әмелге асырылып, муғаллим ҳәм устазларға айрықша итибар қаратылыўы менен бирге, оларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў, оқыў-тәрбия процесине билимлендириўдиң инновациялық түрлерин ҳәм усылларын енгизиў мәселеси мәмлекетлик сиясаттың баслы бағдарларынан бирине айланып бармақта.

Тараўдың материаллық-техникалық базасын беккемлеў, педагог кадрларды таярлаў ҳәм қайта таярлаўдың ең алдыңғы усылларынан кеңнен пайдаланыў, муғаллим ҳәм устазлардың мийнетин ҳәр тәреплеме хошаметлеў менен байланыслы ўазыйпалар жаңа басқышларға көтерилмекте.

Мине, быйылғы жылдың өзинде инвестиция бағдарламасы тийкарында
22 мектепте қурылыс ҳәм ири оңлаў жумыслары жүргизилип, перзентлеримиздиң ийгилигине тапсырылған болса, «Абат аўыл» ҳәм «Абат мәҳәлле» мәмлекетлик бағдарламалары тийкарында 32 мектепте реконструкция ҳәм ири оңлаў жумыслары алып барылды. Сондай-ақ, жергиликли бюджет есабынан мектеплердиң материаллық-техникалық базасын беккемлеў мақсетинде 81 миллиард сумнан аслам қаржы ажыратылды.

Ең әҳмийетлиси, бундай өзгерислер менен жаңаланыўларды мектепке шекемги, жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў мәкемелери мысалында көплеп ушыратыўымыз мүмкин.

Итибар қаратыўымыз тийис болған және бир әҳмийетли мәселе соннан ибарат, бүгинги күнде турмысымызға жаңа техника ҳәм технологиялардың кирип келиўи, интернет тармағының жедел раўажланыўы перзент тәрбиясына болған жуўапкершиликти және де күшейтиў зәрүрлигин келтирип шығармақта.

Себеби елимиз тәғдирин терең сезинетуғын, оның буннан былай да гүллеп-раўажланыўына үлес қосатуғын жаңа әўладты тәрбиялаў бүгинги күндеги ең тийкарғы ўазыйпаларымыздан бири саналады. Бул өз гезегинде Сиз муғаллим ҳәм устазлардан турақлы түрде излениўлер алып барыўды, жумысты дурыс шөлкемлестириўди, оқыў-методикалық базаны және де беккемлеўди, бағдарлама ҳәм қолланбаларды тағы да жетилистириўди талап етпекте.

Мине, усындай ийгиликли истиң басында турып, елимиздеги тынышлық ҳәм татыўлықты, өз-ара ҳүрмет-иззетти, мийрим-шәпәәтти қәстерлеп-сақлаўда, реформаларды нәтийжели әмелге асырыўда әлбетте, Сиз, муғаллим ҳәм устазлардың, тараў пидайыларының билим ҳәм маманлығыңызға сүйенемиз ҳәмде бул бағдарда алып барып атырған жумысларыңызды жоқары баҳалаймыз.

Ҳүрметли муғаллимлер ҳәм устазлар!

Сизлерди елимизде кең түрде белгиленип атырған кәсиплик байрамыңыз бенен және бир мәрте қызғын қутлықлап, бәршеңизге беккем денсаўлық, шаңарақларыңызға аманлық, перзент тәрбиясындай машақатлы, жуўапкерли, әдиўли ҳәм ийгиликли ислериңизде талмас күш-жигер, тасқын табыслар тилеймиз.

 

Қарақалпақстан Республикасы 

Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы                       М.Ерниязов

 

Қарақалпақстан Республикасы 

Министрлер Кеңесиниң Баслығы                   Қ.Сариев