2018-жыл 28-сентябрь күни Ташкент қаласында Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының он алтыншы жалпы мәжилиси өз жумысын даўам еттирди.

Сенаторлар тәрепинен Өзбекстан Республикасының 2018-жылғы Мәмлекетлик бюджети қәрежетлерине өзгерислер киргизиў ҳаққындағы мәселе көрип шығылды. Мәмлекетлик бюджеттиң қәрежетлер бөлегине тийисли өзгерислер киргизиў ҳаққында Олий Мажлис Сенатының қарары қабыл етилди.

Буннан соң Бухара ўәлаятының Ғиждуван районы ҳәм Наўайы ўәлаятының Кенимех районы шегараларын өзгертиў ҳаққындағы мәселе додаланды.

Онда атап өтилгениндей, бул районлардың шегаралары басқарыў системасын жетилистириў зәрүрлиги себепли өзгертилмекте. Бул болса басқарыў системасының нәтийжелилигин арттырыўға жәрдем береди. Ҳүжжетте Бухара ўәлаяты Ғиждуван районының 10 651 гектар жери, соның ишинде, Зафарабад қалашасының 609,65 гектар жери Наўайы ўәлаятының Кенимех районы қурамына өткерилмекте.

Буннан соң сенаторлар аўыл хожалығында мийнетке байланыслы қатнасықларды тәртипке салыў ҳәм усы тараўдағы рәсмий емес бәнтлик мәселелери бойынша Өзбекстан Республикасы Бас министриниң орынбасары-қаржы министри Ж.А. Қўчқоровқа парламентлик сораў жибериў ҳаққындағы мәселени көрип шықты.

13.JPG

Сораў жибериў басламасы Сенаттың Аграр, суў хожалығы мәселелери ҳәм экология комитети және Илим, билимлендириў ҳәм денсаўлықты сақлаў мәселелери комитети тәрепинен алға қойылды.

Атап өтилгениндей, Бәнтлик ҳәм мийнет қатнасықлары мнистрлигиниң мәлимлемесине бола,  2018-жылдың биринши ярым жыллығында 2 миллионнан аслам адам фермер хожалықларында жумыс пенен бәнт болған. Олардың 500 мыңнан зыяты шынында да жумысқа  жайластырылған, дерлик 1,5 миллион адам болса рәсмий емес бәнт болғанлар. Сенаторлар парламентлик сораў жибериў басламасын қоллап-қуўатлады.

Олий Мажлис Сенаты ағзалары Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2017-жыл 20-июньдеги қарары менен тастыйықланған 2017-2021-жылларда Өзбекстан Республикасы халқына қәнигелестирилген медициналық жәрдем көрсетиўди және де раўажландырыў илажлары бағдарламасының орынланыўы ҳаққында Өзбекстан Республикасы Бас министриниң орынбасары А.А. Абдуҳакимовтың мәлимлемесин тыңлады. Додалаў ўақтында «жол картасы»нда нәзерде тутылған илажлардың орынланбағанлығы себеплери сын көзқарастан додаланды, бар машқалаларды сапластырыў ҳәм усы Бағдарламаны сөзсиз орынлаў және бул бағдарда әмелге асырылып атырған жумыслардың нәтийжелилигин арттырыў бойынша усыныслар билдирилди. Сенаторлар Сенаттың қарарын мақуллады.

11.JPG

Сондай-ақ, сенаторлар Бухара ўәлаяты ҳәкиминиң аймақларды раўажландырыў ҳәм халық депутатлары жергиликли Кеңеслериниң жумысы ҳаққындағы есабын тыңлады. Атап өтилгениндей, 2018-жыл февральда Өзбекстан Республикасы Президентиниң Бухара ўәлаятына сапар етиўи ўақтында белгиленген ўазыйпаларды есапқа алған ҳалда ўәлаятты социаллық-экономикалық раўажландырыўға қаратылған анық мақсетли жумыслар әмелге асырылмақта. 2017-жылы ўәлаяттың жалпы аймақлық өними көлемлериниң өсиўи 102 процентке жетти. 2017-жылы ҳәм 2018-жылдың өткен дәўири ишинде ўәлаятта 1 триллион 66 миллиард 954 миллион сумнан зыят инвестициялар өзлестирилди, 2185 тен зыят жойбар әмелге асырылды, нәтийжеде 21 854 жаңа жумыс орны жаратылды.

2017-жылы ҳәм усы жылдың өткен дәўиринде ўәлаятта дерлик 3 800 жеке меншик исбилерменлик ҳәм киши бизнес субъекти шөлкемлестирилип, олардың улыўма саны 14 700 ден асты. Коммерциялық банклер тәрепинен оларға 2 триллион 157 миллиард 400 миллион сумлық кредит қаржылары ажыратылды.

Соның менен бирге, сенаторлар Бухара ўәлаятында аймақларды раўажландырыўға ҳәм халық депутатлары жергиликли Кеңеслериниң жумыс нәтийжелилигин арттырыўға унамсыз тәсир ететуғын бир қатар машқалалар ҳәм кемшиликлер бар екенлигин, бар имканияттан толық пайдаланылмай атырғанлығын атап өтти.

Додалаўдың жуўмақлары бойынша министрликлер ҳәм уйымлардың және орынлардағы атқарыў ҳәкимияты уйымаларының аймақты раўажландырыў мәселелерин шешиў бойынша жуўапкершилигин арттырыўға қаратылған тийисли қарар қабыл етилди.

Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенаты өз ўәкиллигине киретуғын басқа да мәселелерди көрип шықты.

Он алтыншы жалпы мәжилис даўамында жәмийетлик турмыстың барлық тараўларының ҳуқықый тийкарларын беккемлеў ҳәм елимизде әмелге асырылып атырған кең көлемли реформалардың нәтийжелилигин арттырыўға, халықаралық бирге ислесиўди раўажландырыўға хызмет ететуғын 21 мәселе, соның ишинде, 14 нызам көрип шығылды.

Усының менен Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының он алтыншы жалпы мәжилиси өз жумысын жуўмақлады.

Усы күнниң өзинде Сенаттың Баспасөз орайында елимиздиң ҳәм сырт еллердиң ғалаба хабар қураллары ўәкиллери ушын Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының он алтыншы жалпы мәжилиси жумыс жуўмақларына бағышланған брифинг өткерилди.

Өзбекстан Республикасы

 Олий Мажлиси Сенатының

Мәлимлеме хызмети