USD 10500.03
EUR 12607.39
RUB 140.7

Жума, 29 Март

Сайт тест режиминде ислеп тур. Қолайсызлықлар ушын кеширим сораймыз.

МУҒАЛЛИМЛЕР ҲӘМ УСТАЗЛАР КҮНИ МҮНӘСИБЕТИ МЕНЕН ТӘЛИМ-ТӘРБИЯ СИСТЕМАСЫНДА АЙРЫҚША ӨРНЕК КӨРСЕТКЕН ХЫЗМЕТКЕРЛЕРДЕН БИР ТОПАРЫН СЫЙЛЫҚЛАЎ ҲАҚҚЫНДА

Өзбекстан Республикасы Президентиниң

п ә р м а н ы

Елимизде барлық тараўлар қатарында билимлендириў системасында да кең көлемли реформалар әмелге асырылмақта. Бул өзгерислердиң нәтийжеси, елимиздиң раўажланған мәмлекетлер қатарынан мүнәсип орын ийелеўи бәринен бурын, илим ҳәм тәлим-тәрбия тараўының раўажланыўы менен тығыз байланыслы болып табылады.

Бүгин замангөй билим ҳәм кәсип-өнерлерди, шет тиллерин пуқта ийелеп, үлкен үмит ҳәм исеним менен турмысқа қәдем қойып атырған, ертеңги күнимиздиң шешиўши күши болған перзентлеримиздиң мүнәсип тәрбияланыўында муғаллимлер ҳәм устазларымыздың үлеси шексиз екенин атап өтиў зәрүр.

Елимизде тәлим-тәрбия системасын дәўир талаплары тийкарында жетилистириў, тараўға байланыслы реформаларды табыслы әмелге асырыў жумысларына қосқан салмақлы үлеси, жасларға илим тийкарларын ҳәм заманагөй кәсип-өнерлерди үйретиў, оларды ана Ўатанға муҳаббат, ғәрезсизлик идеяларына садықлық руўхында тәрбиялаў бағдарындағы көп жыллық жемисли мийнетлери ҳәм жәмийетлик турмысқа белсене қатнасқаны ушын төмендегилерге ҳүрметли атақлар берилсин:

Қарақалпақстан Республикасы бойынша:

«Өзбекстан Республикасына хызмет көрсеткен жаслар устазы»

Сейдаметова Тамара Султамуратовна- Шоманай районындағы 33-санлы қәнигелестирилген улыўма орта билим бериў мектеби директоры

 

Елимизде билимлендириў тараўын раўажландырыў оқыў процесине алдынғы педагогикалық ҳәм мәлимлеме-коммуникациялық технологияларды кеңнен енгизиў, терең билим ҳәм заманагөй кәсип-өнерге ийе маман кадрларды таярлаў жумысларына қосқан мүнәсип үлеси, еркин пикирлейтуғын, талантлы, саламат ҳәм бәркамал әўладты тәрбиялаў, оларды ўатансүйиўшилик, миллий ҳәм улыўмаинсаныйлық қәдириятларға ҳүрмет руўхында тәрбиялаўдағы үлкен хызметлери ушын төмендегилер сыйлықлансын:

«Фидокорона хизматлари учун» ордени менен

Алеўов Өсербай-Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты педагогика кафедрасының профессоры

«Меҳнат шуҳрати» ордени менен

Генжебаева Гүлпаршын Шаудырбаевна- Кегейли районындағы 14-cанлы мектепке шекемги билимлендириў мәкемесиниң тәрбияшысы

II дәрежели «Соғлом авлод учун» ордени менен

Сон Светлана Михайловна – Қарақалпақстан Республикасы 1-санлы Меҳрибанлық үйиниң директоры

«Дўстлик» ордени менен

Ходжалепесова Гулистан Холдасовна – Қарақалпақстан Республикасы Ибрайым Юсупов атындағы қәнигелестирилген улыўма орта билим бериў мектеп-интернатының қарақалпақ тили ҳәм әдебияты пәни оқытыўшысы

«Шуҳрат» медалы менен

Асанова Гүлсара Сағындықовна- Шымбай районындағы 45-санлы улыўма орта билим бериў мектебиниң биология пәни оқытыўшысы

Байрамтаганова Гулайым Сапарбаевна- Төрткүл районындағы 9-санлы улыўма орта билим бериў мектебиниң биология ҳәм химия пәнлери оқытыўшысы

Давлетяров Бахадир Тулебаевич- Қарақалпақстан Республикасы қәнигелестирилген балалар ҳәм жас өспиримлер спорт мектебиниң академиялық ескек есиў бойынша тренери

Даўлетмуратова Клара Қурбанбаевна- Қоңырат санаат кәсип-өнер колледжиниң арнаўлы пән оқытыўшысы

Розимова Гулхумар Хаджиевна – Беруний районындағы 50-санлы улыўма орта билим бериў мектебиниң физика пәни оқытыўшысы

Өзбекстан Республикасы

Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ

Ташкент қаласы,

2018-жыл 28-сентябрь