2018-жыл 27-28-сентябрь күнлери Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының он алтыншы жалпы мәжилиси болып өтти.

Ҳәзирги ўақытта Сенат баслығы Н.Йўлдошев жалпы мәжилис жуўмағына жеткенин мәлим етти.

Мәжилистиң күн тәртибине 21 мәселе киргизилген еди. Мәжилистиң биринши жумыс күнинде 14 мәселе, яғный 14 нызам сенаторлар тәрепинен көрип шығылды ҳәм мақулланды.

Бүгин 7 мәселе, соның ишинде, 2018-жылғы Мәмлекетлик бюджет қәрежетлерине өзгерислер киргизиў, Бухара ўәлаятының Ғиждуван районы ҳәм Наўайы ўәлаятының Кенимех районы шегараларын өзгертиў ҳаққында, Бас министр орынбасары-қаржы министри Ж.Қўчқоровқа парламентлик сораў жибериў, Өзбекстан Республикасы Бас министриниң орынбасары А.Абдуҳакимовтың мәлимлемеси, Бухара ўәлаяты ҳәкиминиң аймақларды раўажландырыў және халық депутатлары жергиликли Кеңеслериниң жумысы ҳаққындағы есабаты, Олий судтың қурамына өзгерислер киргизиўге байланыслы мәселелер көрип шығылды ҳәм сенаторлар тәрепинен мақулланды.

Соның менен жалпы мәжилис өз жуўмағына жетти.

ӨзА