Душанбе, 27-сентябрь. ӨзА ның арнаўлы хабаршысы Алоуддин ҒАФФОРОВ хабар береди.

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев Тәжикстан Республикасы Президенти Эмомали Раҳмонның мирәт етиўи бойынша 27-сентябрь күни усы мәмлекетке барды.

Душанбе халықаралық аэропортында Президентимизди Тәжикстан Республикасы Президенти күтип алды.

Президентлер Душанбе қаласында еки тәреплеме ушырасыў өткерди. Эмомали Раҳмон Шавкат Мирзиёевти сапар етиўи менен шын жүректен қутлықлап, бул ушырасыў жоқары дәрежедеги турақлы сөйлесиўлердиң избе-из даўамы екенин атап өтти.

Ушырасыўда мәмлекетлеримиз арасындағы саўда-экономикалық, мәдений-гуманитарлық бирге ислесиўди буннан былай да раўажландырыў мәселелери  додаланды.

Өзбекстан ҳәм Тәжикстан Президентлериниң сиясий ерк-ықрары нәтийжесинде соңғы жылларда мәмлекетлеримиз арасындағы бирге ислесиў, дослық ҳәм жақсы қоңсышылық қатнасықлары жаңа басқышқа көтерилди, халықларымыз дослығының беккемленди.

Әсиресе, Президентимиз Шавкат Мирзиёевтиң усы жылдың март айында Тәжикстанға, Тәжикстан Республикасы Президенти Эмомали Раҳмонның август айында Өзбекстанға мәмлекетлик сапарлары тарийхый ўақыя болды.

Мәмлекет басшыларының ашық, өз-ара исеним ҳәм дослық қатнасықлары тек ғана Өзбекстан – Тәжикстан бирге ислесиўин беккемлеўге емес, ал пүткил Орайлық Азия регионында тынышлық ҳәм турақлы раўажланыўды тәмийинлеўге хызмет етпекте.

Мәмлекетлеримиз БМШ, ШБШ, ҒМДА сыяқлы халықаралық структуралар шеңберинде де нәтийжели бирге ислесип келмекте. Регионаллық ҳәм халықаралық әҳмийетке ийе мәселелерде тәреплердиң көз-қараслары уқсас. Түрли дәрежедеги делегациялардың алмасыўлары, аймақлар арасындағы байланыслар жеделлести.

Мәмлекетимиз басшысының басламасы менен усы жыл 7-март күни Самарқанд қаласындағы Әлийшер Наўайы атындағы орайлық дем алыў бағында өзбек ҳәм тәжик халықларының уллы ойшыллары – Әлийшер Наўайы ҳәм Абдураҳман Жәмийге естелик орнатылған еди.

Әне, усы ийгиликли басламаға жуўап ертинде Душанбе қаласында Әлийшер Наўайы атындағы Мәденият ҳәм дем алыў бағы жаратылып, онда еки уллы инсанның естелиги бой тиклегени халықларымыз арасындағы дослық байланыслар беккемленип атырғанының және бир көриниси болды.

Президентимиздиң сапары шеңберинде усы жаңа бағдың және Абдураҳман Жәмий ҳәм Әлийшер Наўайыға орнатылған естеликтиң ашылыў мәресими болды.

Шавкат Мирзиёев ҳәм Эмомали Раҳмон усы еки уллы ойшылдың естелигине гүллер қойды.

Әлийшер Наўайы атындағы Мәденият ҳәм дем алыў бағының улыўма майданы 2 гектардан аслам. Бағда келиўшилер ушын барлық шараят ҳәм қолайлықлар жаратылған. Отырғышлар жанында китапқумарлықты үгит-нәсиятлайтуғын мүсиншелер орнатылған. Әке ҳәм бала, Ана ҳәм қыз, Ата ҳәм ақлық тулғалары сәўлеленген бул көркем өнер дөретпелери ҳәр қандай инсанды китапқа дос болыўға шақырады.

Президент Шавкат Мирзиёев Президент Эмомали Раҳмон менен биргеликте Турсынзада қаласына келди. Жоқары мәртебели мийманның ҳүрметине жол бойлап көшелер байрамға сай безелген, Өзбекстан ҳәм Тәжикстан байрақлары, паннолар орнатылған.

Қалаға киретуғын жерде мыңлаған адамлар мәмлекетимиздиң басшысын үлкен қуўаныш, салтанат менен күтип алды. Миллий нама-қосықлар, аяқ ойынлар атқарылды.

Өзбекстан Президентиниң қоңсылас мәмлекетлер менен ашық-айдынлық, бирге ислесиў ҳәм кеңпейиллик сиясаты барлық тәжикстанлылар қатарында Турсынзада халқына да үлкен қуўаныш бағышлаған. Шавкат Мирзиёевтиң усы жылдың март айында Тәжикстанға мәмлекетлик сапары ўақтында қол қойылған Мәмлекетлик шегаралар бойынша шәртнама және Пуқаралардың өз-ара қатнаўы ҳаққындағы келисим халықларымыздың турмысында үлкен әҳмийетке ийе болды. Шегарадан өткериў пунктлериниң жумысы қайта тикленгени, барыс-келис ушын 30 күнге шекем визасыз тәртип енгизилгени, автобус ҳәм самолёт қатнаўы жолға қойылғаны адамларға кең қолайлықлар жаратпақта.

Президентлер Турсынзада қаласындағы «Талко» мәмлекетлик унитар кәрханасына барды.

Бул завод дүньядағы ири алюминий ислеп шығаратуғын кәрханалардан бири болып табылады. 2007-жылы завод «Тәжикстан алюминий компаниясы» (Талко) мәмлекетлик унитар кәрханасына айландырылған. Бул жерде жылына 105 мың тонна бирлемши алюминий ислеп шығарылады ҳәм тийкарынан экспортқа қаратылады. Буннан тысқары, 70 тен зыят түрдеги тутыныў товарлары таярланады. Ҳәзирги ўақытта заводта 8 мыңға шамалас адам мийнет етеди.

Мәмлекет басшылары алюминий шийки затын қуйыў процесси ҳәм таяр өнимлерди көзден өткерди.

Өзбекстанның  «Крантас групп» жуўапкершилиги шекленген жәмийети менен Тәжикстан алюминий компаниясы шериклигинде усы жыл июль айында шөлкемлестирилген «Талко-Крантас арнаўлы техникалар заводы» жуўапкершилиги шекленген жәмийети тәризиндеги Өзбекстан – Тәжикстан қоспа кәрханасы менен таныстырыў болып өтти.

Усы кәрханада автокранлар, трактор прицеплери, ярымтиркемели ҳәм басқа да арнаўлы техника қураллары ислеп шығарылады. Комплектлеўши бөлеклер Өзбекстаннан алып келинип, Тәжикстанда жыйналады.

300 мыңлық Турсынзада қаласы халқының дерлик ярымы өзбеклер болып табылады. Қала әтирапындағы дийқан хожалықлары тийкарынан жүзимшилик пенен шуғылланады. Жүзимгершиликлер Ферғананың Бешариқ ямаса Ташкент ўәлаятының Паркент районындағы жүзимзарларды еслетеди.

Турсынзада районындағы «Боғи сомон» дийқан хожалығы басшысы Камол ҳажы Мадумаров тийкары алтыарықлы уста дийқан перзенти. Ол ата кәсибин даўам еттирип, елде абырайға ерискен. Хожалықтың жүзимлери 500 гектар. 1 мың 100 жумысшы мийнет етип атырған хожалықта жүзимниң «Ҳусайни», «Ризамат», «Каттақўрғон», «Келин бармақ» сыяқлы 7 түрли сорты жетилистириледи. Өнимниң 70-80 проценти экспорт етиледи. Хожалықтың 1 мың 200 тонналы суўытыўшы қоймаханасында ҳәзирги ўақытта зүрәәтти жыйнаў жумыслары ҳәўиж алған.

Президентлер бул суўытыўшы қоймахана менен танысып, хожалықтың жүзимзарларында болды. Шавкат Мирзиёев Камол ата Мадумаровқа мәмлекетимизде ислеп шығарылған «Captiva» автомашинасын саўға етти. Мәмлекетимиз басшысы усы райондағы «Ватан» дийқан хожалығында болып, оның басшысы Неъмат хожи Усмоновқа да «Captiva» машинасын саўға етти.

Өзбекстан Республикасы Президентиниң  Тәжикстан Республикасына сапар етиўи даўам етпекте.

Шавкат Мирзиёев 28-сентябрь күни Душанбе қаласында болып өтетуғын Ғәрезсиз Мәмлекетлер Дослық Аўқамы Мәмлекет басшылары кеңесиниң мәжилисине қатнасады.

ӨзА