Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев Ҳиндстан Республикасы Президенти Рам Натҳ Ковиндтиң мирәт етиўине бола 2018-жыл 30-сентябрь – 1-октябрь күнлери мәмлекетлик сапар менен усы мәмлекетте болады.

Президент Рам Натҳ Ковинд, Бас министр Нарендра Моди ҳәм Ҳиндстанның басқа да басшылары менен ушырасыў ҳәм сөйлесиўлеринде мәмлекетлераралық бирге ислесиўди буннан былай да кеңейтиўдиң анық жолларын көрип шығыў, регионаллық ҳәм халықаралық сиясаттың әҳмийетли мәселелери бойынша пикир алысыўы жобаластырылған.

Президентимиз Нью-Дели қаласында саўда-экономикалық ҳәм инвестициялық тараўлардағы еки тәреплеме байланысларды раўажландырыўдың әмелий мәселелерин, соның ишинде, Өзбекстан – Ҳиндстан исбилерменлер кеңесин шөлкемлестириў усынысын додалаў ушын Ҳиндстанның жетекши компанияларының басшылары менен ушырасыў өткереди.

Сондай-ақ, Өзбекстан делегациясы сапар етиў шеңберинде Ҳиндстанның әййемги пайтахты, дүньяға белгили архитектуралық естелик – саўлатлы Таж Маҳал жайласқан Агра қаласына барады.

Сапар етиў жуўмағында Өзбекстан Президенти ҳәм Ҳиндстан Бас министриниң бирликтеги билдириўи қабыл етилиўи, Өзбекстан – Ҳиндстан қатнасықларын сапа жағынан жаңа басқышқа көтериў ушын ҳуқықый тийкарларды беккемлеўге ҳәм кеңейтиўге қаратылған салмақлы ҳүкиметлераралық ҳәм уйымлар аралық келисимлер, мәмлекетлеримиз аймақлары ҳәм мәкемелери арасында ҳүжжетлерге қол қойылыўы нәзерде тутылған.

 

ӨзА