Рәсмий сапар менен елимизге келген Түркия Республикасы Уллы миллет мәжилисиниң баслығы Бинали Йилдирим 25-сентябрь күни Самарқанд қаласында болды.

Жоқары мәртебели мийман Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Нызамшылық палатасының Спикери Н.Исмоилов пенен бирге Биринши Президентимиз Ислам Кәримовтың мақбара-комплексин зыярат етти.

Түркия делегациясы комплексте әмелге асырылған дөретиўшилик жумыслары ҳәм бул жердеги ең әййемги естеликлерден бири-Ҳазрати Хизр мешитин қәстерлеп сақлаў бағдарындағы жумысларға жоқары баҳа берди.

Буннан соң Бинали Йилдирим Имам Бухарий ҳәм Әбиў Мансур Мотрудий естелик комплекслерин зыярат етти. Бул орынлар менен танысыў ўақтында муқаддес ислам дининиң раўажланыўына үлкен үлес қосқан уллы илимпазларымыздың бай мәнаўий мийрасын үйрениў, олардың аты менен байланыслы муқаддес орынларды абат етиў бойынша елимизде алып барылып атырған жумыслар ҳаққында толық мағлыўмат берилди.

Түркиялы жоқары мәртебели мийман Самарқанд қаласындағы Әмир Темур мақбарасын, Регистон майданын ҳәм басқа да тарийхый естеликлерди тамаша етти.

10 (1).JPG

12.JPG

20.JPG

22.JPG

Ғолиб ҲАСАНОВ,

ӨзА ның хабаршысы