Самимий қутлов

Америка Қурама Штатлары Президенти Дональд Трамп Өзбекистан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевти АҚШқа сапар етиўи менен қутлықлады.

Бул қутлықлаў хаты мәмлекетимиз басшысы ҳүрметине усы жыл 21-сентябрь күни шөлкемлестирилген Өзбекистан ҳәм АҚШ исбилермен топарлары ўәкиллериниң қатнасыўында өткерилген қабыллаў мәресиминде оқып еситтирилди.

Қутлықлаў избе-из раўажланып атырған Өзбекистан ҳәм АҚШ қатнасықларының бүгинги жағдайын көрсетип, еки мәмлекет Президентлериниң еллеримиз арасындағы бирге ислесиўди буннан былай да беккемлеў мақсетиндеги исенимлилигин тастыйықлады.

Төменде усы қутлықлаўдың тексти жәрияланбақта.

Ақ үй,

Вашингтон қаласы,

2017-жыл 20-сентябрь

Мелания ҳәм мен Өзбекистан Республикасы елшиханасы ҳәм Америка-Өзбекистан саўда палатасы тәрепинен шөлкемлестирилген қабыллаў мәресиминиң барлық қатнасыўшыларын қутлықлаймыз.

Америка халқының атынан Президент Шавкат Мирзиёевти Америка Қурама Штатларына сапар етиўи менен шын жүректен қутлықлаймыз. Өзбекистан 1992-жылдан берли қәўипсизликтти ҳәм турақлылықты беккемлеў, Орайлық Азия регионын раўажландырыў бойынша улыўмалық ис-ҳәрекетлеримизде әҳмийетли шерикке айланды.

Америка Қурама Штатлары экономикаға инвестиция киргизиў арқалы ҳәм мәдений байланыслар және ҳәр қыйлы дәрежедеги бирге ислесиў тийкарында мәмлекетлеримиз арасындағы қатнасықларды беккемлеп киятырған өзбекистанлы шериклеримиздиң жумысын қәдирлейди. Қурама Штатлар өз-ара дослық байланысларын раўажландырыў ҳәм келешек әўладлар ушын имканиятларды кеңейтиў жолында алып барылып атырған жумысларды даўам еттиреди.

Қабыллаў мәресими барлық қатнасыўшылар ушын мазмунлы өтиўин тилеймен.