Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 24-сентябрь күни рәсмий сапар менен мәмлекетимизге келген Түркия Республикасы Уллы миллет мәжилисиниң баслығы Бинали Йилдиримди қабыллады.

Мәмлекетимиз басшысы мийманды шын жүректен қутлықлап, сиясий күш ҳәм биргеликтеги ис-ҳәрекетлеримиздиң нәтийжесинде Өзбекстан ҳәм Түркия арасындағы дәстүрий дослық қатнасықлар стратегиялық шериклик дәрежесине көтерилгенин атап өтти.

Өткен жылы гүзде Түркияға ҳәм усы жыл бәҳәрде Өзбекстанға әмелге асырылған мәмлекетлик сапарлар даўамында болып өткен жоқары дәрежедеги нәтийжели сөйлесиўлер, олардың жуўмағында қол қойылған әҳмийетли ҳүжжетлер ҳәр қыйлы тараўлардағы әмелий бирге ислесиўди кеңейтиў ушын беккем тийкар жаратыўға хызмет еткени айрықша атап өтилди.

photo5280871146557909757.jpg

Сиясий сөйлесиў жедел раўажланбақта. Түркияның жетекши компаниялары ҳәм банклери менен биргеликте саўда, инновациялар, энергетика, инфраструктура, транспорт, туризм, тоқымашылық, азық-аўқат санааты ҳәм басқа да тармақларда инвестициялық бағдарламалар менен жойбарлар әмелге асырылмақта.

Усы жылдың басынан берли 230 дан аслам Өзбекстан – Түркия қоспа кәрханасы шөлкемлестирилгени Түркия исбилерменлериниң Өзбекстанда бизнес жүргизиўге қызығыўшылығы артып атырғанынан дәрек береди. Өз-ара товар алмасыўдың көлеми сол дәўирде 40 проценттен зыятқа артты.

Мәдений-гуманитарлық, соның ишинде, денсаўлықты сақлаў, билимлендириў ҳәм туризм тараўларындағы алмасыўлар кеңеймекте.

Еки тәреплеме қатнасықларды избе-из раўажландырыў ҳәм беккемлеўде парламентлер аралық байланыслар айрықша орын ийелейди. Мәмлекетлеримиздиң нызам шығарыўшы уйымлары арасында жедел сөйлесиў көзге тасланбақта.

Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси ҳәм Түркия Республикасы Уллы миллет мәжилисинде дослық топарлары табыслы жумыс алып бармақта. Бирге ислесиўди раўажландырыў бойынша меморандум ҳәм «Жол карта»сы қабыл етилген.

photo5280871146557909758.jpg

Сәўбетлесиўде жоқары дәрежедеги ушырасыўлардың жуўмағында ерисилген келисимлер ҳәм қабыл етилген шәртнамаларды әмелге асырыў, сондай-ақ, бирге ислесиўге байланыслы қоспа бағдарламалар менен жойбарлардың парламент ўәкиллери тәрепинен белсенди қоллап-қуўатланыўы зәрүр екени атап өтилди.

Бинали Йилдирим Президентимиз Шавкат Мирзиёевқа шын жүректен қабыллағаны ушын терең миннетдаршылық билдирди ҳәм Түркия Президенти Режеп Таййип Эрдўғонның сәлемин ҳәм жақсы тилеклерин жеткерди.

Мийман Өзбекстанда әмелге асырылып атырған кең көлемли реформаларды жоқары баҳалап, Түркия мәмлекетимиздиң экономикасын ҳәм социаллық тараўын модернизациялаўға қаратылған перспективалы жойбарларды әмелге асырыўға ҳәр тәреплеме жәрдемлесиўге таяр екенин атап өтти.

Конструктивлик сәўбет даўамында тәреплердиң дәстүрий дослық қатнасықлары ҳәм узақ мүддетли стратегиялық шерикликти буннан былай да беккемлеўге умтылысы беккем екени атап өтилди.

ӨзА