2018-жыл 22-сентябрь күни Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Cенаты Кенгашиниң мәжилиси болып өтти. Мәжилисти Олий Мажлис Сенатының Баслығы Н.Йўлдошев алып барды.

Кенгаш Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының он алтыншы жалпы мәжилисин усы жылдың 27-сентябрь күни  Ташкент қаласында шақырыў ҳаққында қарар қабыл етти.

Сенаттың жалпы мәжилисиниң күн тәртибине Өзбекстан Республикасының бир қатар нызамлары және мәмлекетимизде алып барылып атырған реформалардың нәтийжелилигин түп-тийкарынан арттырыў, 2017-2021-жылларда Өзбекстан Республикасын раўажландырыўдың бес тийкарғы бағдары бойынша Ҳәрекетлер стратегиясы «Жедел исбилерменликти, инновациялық идеяларды ҳәм технологияларды қоллап-қуўатлаў жылы»нда әмелге асырыўға байланыслы мәмлекетлик бағдарламаны орынлаўда халықаралық бирге ислесиўди беккемлеўге қаратылған мәселелер киргизилмекте.

«Мәмлекетлик бажыхана хызмети ҳаққында»ғы (жаңа редакцияда), «Жеке меншик бәнтлик агентликлери ҳаққында»ғы, «Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик қәўипсизлик хызмети күнин белгилеў ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасының нызамлары, сондай-ақ, экономикалық қатнасықлар ҳәм исбилерменликти раўажландырыўға юридикалық жәрдем ҳәм ҳуқықый хызметлер көрсетиў системасын, халықты социаллық қорғаўды тәмийинлеў ҳәм турақ жай коммуналлық хызметлер көрсетиў системасын жетилистириўге, жәмийетлик қәўипсизликти тәмийинлеў ҳәм жынайый жуўапкершиликти либералластырыўға, сондай-ақ, қоршаған орталықты қорғаў, тәбийғый ресурслардан ақылға уғрас пайдаланыў тараўындағы ҳуқықбузарлықлар ушын жуўапкершиликти күшейтиўге қаратылған Өзбекстан Республикасының айырым нызам ҳүжжетлерине өзгерислер менен қосымшалар киргизиў ҳаққындағы нызамлар усылардың қатарына киреди.

Буннан тысқары, сенаторлар халықаралық шәртнамаларды ратификациялаў ҳаққындағы Өзбекстан Республикасының бир қатар нызамларын да көрип шығады. 2017-2021-жылларда Өзбекстан Республикасы халқына қәнигелестирилген медициналық жәрдем көрсетиўди және де раўажландырыў илажлары бағдарламасының орынланыўы ҳаққында Өзбекстан Республикасы Бас министри орынбасарының мәлимлемесин тыңлайды.

Жалпы мәжилисте Бухара ўәлаяты ҳәкиминиң аймақларды раўажландырыў ҳәм халық депутатлары жергиликли кеңеслериниң жумысы ҳаққындағы есабаты тыңланады.

Сенат ағзалары аўыл хожалығында мийнетке байланыслы қатнасықларды тәртипке салыў және бул тараўдағы рәсмий емес бәнтлик мәселелери бойынша Өзбекстан Республикасы Бас министриниң орынбасары – финанс министрине парламентлик сораўды жибериўге байланыслы мәселелерди додалайды.

Олий Мажлис Сенаты комитетлери ҳәм аппаратының он алтыншы жалпы мәжилисине таярлық көриў ҳәм оны өткериўге байланыслы жумысларды муўапықластырыў ушын Сенат Кенгаши тәрепинен жумысшы топар дүзилди.

Мәжилисте Сенат Кенгашиниң ўәкиллигине киретуғын басқа да мәселелер көрип шығылды.

Өзбекстан Республикасы

Олий Мажлиси Сенатының

Мәлимлеме хызмети

 

ӨзА