Ҳүрметли Баслық!

Уллы Мәртебели Мырза!

Ханымлар менен мырзалар!

Бирлескен Миллетлер Шөлкеминиң бәлент минберинен шығып сөйлеў имканияты жаратылғаны ушын шын жүректен миннетдаршылық билдириўге руқсат еткейсиз.

Бизиң халқымыз буннан бир неше ҳәпте бурын өз мәмлекетлик ғәрезсизлигиниң 26 жыллығын кеңнен белгиледи.

Бүгинги күнде Өзбекистан жедел раўажбақта. Биз бабаларымыздың данышпанлық дәстүрлерине әмел етип, оны терең аңлаған ҳалда, қатаң реформаларды әмелге асырмақтамыз, елимиздиң жаңа келбетин қәлиплестириў жолынан бармақтамыз.

Жәмийетимизде сиясий белсендилик артып бармақта, барлық салаларда терең реформалар әмелге асырылмақта. Олардан гөзленген мақсет – «Инсан мәплери ҳәмме нәрседен үстин» деген әпиўайы ҳәм анық принципти әмелге асырыў тийкарғы әҳмийетке ийе болған демократиялық мәмлекет ҳәм әдалатлы жәмийет қурыўдан ибарат.

Улыўмахалықлық додалаўдан соң бес жылға мөлшерленген Өзбекистанды раўажландырыў стратегиясы қабыл етилди. Бул стратегияны ислеп шығыўда биз өзимизге сырттан нәзер таслап, потенциалымыз бенен имканиятымызды қалыс баҳалаў менен бирге, қәте-кемшиликлеримизди де ҳәр тәреплеме сын көз-қарастан талқыладық.

Стратегия – бул жаңаланыў процесслериниң ҳақыйқый ҳәрекетлер бағдарламасы болып табылады. Бул ҳүжжет ҳәзирги ўақытта турмысқа избе-из енгизилмекте.

2017-жыл елимизде Халық пенен пикирлесиў ҳәм инсан мәплери жылы, деп жәрияланды.

Бизиң мақсетимиз – елимизде халық ҳәкимиятын атына ғана емес, ал әмелде енгизиў механизмлерин беккемлеўден ибарат.

Исенимимиз кәмил: халық мәмлекетлик уйымларға емес, ал мәмлекетлик уйымлар халқымызға хызмет етиўи керек.

Елимиздиң барлық аймақларында Президенттиң Виртуал ҳәм Халық қабыллаўханалары шөлкемлестирилди. Ҳәзирги күнге шекем бир миллионнан аслам пуқараларымыз усы қабыллаўханалар арқалы өзлериниң әҳмийетли машқалаларына шешим тапты.

Халықаралық мийнет шөлкеми менен биргеликте балалар мийнетине ҳәм мәжбүрий мийнетке шеклеў бойынша тәсиршең илажлар көрилди.

Бирлескен Миллетлер Шөлкеминиң Инсан ҳуқықлары бойынша Жоқары комиссары мырза Ал-Ҳусайнниң сапар етиўи жуўмағы бойынша инсан ҳуқықларын қорғаў кепилликлерин беккемлеў бойынша илажлар бағдарламасы ислеп шығылды.

Адамлардың еркин ҳәрекет етиўин шеклейтуғын шет елге шығыў визалары сыяқлы өмирин улыўма өтеп болған өтмиш қалдықлары бийкар етилди.

Инсан ҳуқықларын қорғаў мәселелери бойынша миллий ҳәм халықаралық мәмлекетлик емес шөлкемлер менен ашық-айдын пикирлесиўимиз беккемленип бармақта.

Инсаныйлық принциплерден келип шығып, шахсты қамақта сақлаўға байланыслы көплеген жағдайлар қайта көрип шығылды.

Экстремизм идеяларының тәсирине түсип қалған, дурыс жолдан адасқан пуқаралар социаллық реабилитация етилмекте, оларды саламат турмысқа қайтарыў ушын зәрүр илажлар жаратылмақта.

Ендиликте инсан ҳуқықлары менен еркинликлерин қорғаў саласындағы барлық ҳуқық қорғаў уйымларының жумысы парламент ҳәм пуқаралар тәрепинен турақлы қадағалап барылмақта.

Елимизде сиясий партиялардың, пуқаралық жәмийетиниң роли артып бармақта, суд уйымларының шын мәнистеги ғәрезсизлиги тәмийинленбекте.

Ғалаба хабар қуралларының орны сезилерли дәрежеде артып бармақта.

Экономика системасын либералластырыў, қолайлы инвестициялық орталықты жаратыў әмелге асырылып атырған өзгерислердиң ең әҳмийетли бағдарларынан болып табылады.

Биз әпиўайы бир ҳақыйқатқа сүйенемиз: халық бай болса, мәмлекет те бай ҳәм қүдиретли болады.

Өзбекистан усы айдың басынан милий валютаны еркин конвертациялаў системасына толық өтти. Бул бағдарда халық ушын жүзеге келиўи мүмкин болған унамсыз ақыбетлерди жумсартыў бойынша барлық зәрүр илажлар көрилди.

Елимизде дәслепки мәрте исбилерменлердиң ҳуқықларын қорғаў бойынша Омбудсман институты енгизилди. Бизнес саласындағы салықлар сезилерли дәрежеде қысқартылды, кредит алыў имканиятлары кеңейтилди.

Жаңа еркин экономикалық зоналар шөлкемлестирилди, оларда инвесторларға кең жеңилликлер жаратып берилди.

Халықаралық қаржы институтлары менен бирге ислесиў табыслы раўажланбақта, биз Европада тиклениў ҳәм раўажланыў банки менен шериклик байланысларын жаңадан тикледик.

Ҳәрекетлер стратегиясының мазмун-мәниси Бирлескен Миллетлер Шөлкеминиң Турақлы раўажланыў мақсетлери менен толық үйлес екенин атап өтиўди қәлер едим.

Ҳүрметли мәжилис қатнасыўшылары!

Биз сөзсиз исенемиз, Бирлескен Миллетлер Шөлкеми буннан былай да халықараралық қатнасықларда шешиўши орын ийелейди.

Өзбекистан усы шөлкемниң басқышпа-басқыш реформаланыўының тәрепдары. Биз Қәўипсизлик Кеңесин бүгинги күнниң талапларына сәйкес түрде кеңейтиў зәрүр, деп есаплаймыз.

Бирлескен Миллетлер Шөлкеминиң жаңа басқармасы тәрепинен шөлкемди басқарыў системасын жетилистириў бойынша әмелге асырылып атырған илажларды қоллап-қуўатлаймыз.

Өзбекистан БМШтың  структуралары менен бирге ислесиўди буннан былай да избе-из даўам еттиретуғынын исендирип айтпақшыман.

Биз мырза Бас хаткер Антониу Гутерриштиң жақында Өзбекистанға сапар етиўи жуўмағы бойынша ислеп шығылған «жол картасы»ның әмелий орынланыўын тәмийинлеў бойынша қатаң илажлар көремиз.

Ханымлар ҳәм мырзалар!

Өзбекистан бүгинги күнде өзиниң сыртқы сиясатында Орайлық Азия регионына тийкарғы әҳмийетти қаратпақта. Бул – ҳәр тәреплеме терең ойлап таңланған жол болып табылады.

Орайлық Азияның қақ орайында жайласқан Өзбекистан усы регионның турақлылық, избе-из раўажланыў ҳәм жақсы қоңсышылық аймағына айланыўынан тиккелей мәпдар.

Тыныш-татыў, экономикалық жақтан раўажланған Орайлық Азия – биз умтылатуғын ең әҳмийетли мақсет ҳәм ўазыйпа болып табылады.

Өзбекистан өз-ара пикирлесиўди, әмелий бирге ислесиўди ҳәм жақсы қоңсышылықты беккемлеўдиң қатаң тәрепдары.

Биз Орайлық Азия еллери менен ҳеш қарсылықсыз барлық мәселелер бойынша ақылға уғрас келисим тийкарында бирге ислесиўге таярмыз.

Биргеликтеги ис-ҳәрекетлеримиз себепли соңғы айларда регионымызда сиясий исенимниң дәрежеси сезилерли дәрежеге артты. Көплеген мәселелер бойынша принципиаллық жақтан әҳмийетли шешимлер табыўға ерисилди.

Сентябрь айының басында Өзбекистан – Қырғызстан мәмлекетлик шегаралары ҳаққындағы шәртнамаға қол қойылғаны шын мәнисиндеги әҳмийетли ўақыя болды.

Тәреплер өзиниң сиясий басқарыўын, өз-ара мақул болған қарарлар қабыл етиўге таяр екенин көрсеткени себепли өткен жигирма алты жыл даўамында биринши мәрте усы оғада нәзик мәселе бойынша үлкен нәтийжеге ерисилди.

Бир сөз бенен айтқанда, өткен қысқа ўақыт даўамында регионда улыўма жаңа сиясий орталық жаратыўға ерисилди.

Бул тенденцияның беккемлениўи Орайлық Азия еллериниң Президентлери турақлы ушырасыўлар өткериўи ушын имканият жаратқан болар еди, деп есаплайман.

Биз ноябрь айында Самарқандта Бирлескен Миллетлер Шөлкеминиң басшылығында өткерилетуғын «Орайлық Азия: бирден-бир тарийх ҳәм улыўма келешек, турақлы раўажланыў жолындағы бирге ислесиў» темасындағы жоқары дәрежедеги халықаралық әнжуманда региондағы фундаменталь машқалаларды додалаўды режелестиргенбиз.

Усы әнжуманның жуўмағында биз Бирлескен Миллетлер Шөлкеми Бас Ассамблеясының Орайлық Азия мәмлекетлериниң қәўипсизликти тәмийинлеў ҳәм регионаллық бирге ислесиўди беккемлеў бағдарындағы ис-ҳәрекетлерин қоллап-қуўатлаўға байланыслы арнаўлы резолюциясын қабыл етиў усынысын киргизиўди нәзерде тутқанбыз.

Бул усынысты БМШ басшылығы ҳәм халықаралық жәмийетшилик қоллап-қуўатлайды, деп исенемиз.

Ҳүрметли Баслық мырза!

Орайлық Азияда қәўипсизликти ҳәм турақлылықты тәмийинлеўге байланыслы машқалалар ҳаққында сөз етер екенбиз, регионның улыўма ҳәм суў ресурсларынан ақылға уғрас пайдаланыў сыяқлы әҳмийетли мәселени шетлеп өте алмаймыз.

БМШ Бас хаткериниң «суў, тынышлық ҳәм қәўипсизлик машқалалары өз-ара тығыз байланыслы», деген позициясын толық қоллап-қуўатлаймыз.

Суў машқаласын шешиўде региондағы еллер менен халықлардың мәплерин теңдей есапқа алыўдан басқа ақылға уғрас келетуғын жолы жоқ екенине исенемен.

Өзбекистан БМШтың превентивлик дипломатия бойынша регионаллық орайы тәрепинен ислеп шығылған Әмиўдәрья ҳәм Сырдәрья бассейнлериниң суў ресурсларынан пайдаланыў ҳаққындағы конвенциялардың жойбарларын қоллап-қуўатлайды.

Бүгинги күнниң ең өткир экологиялық машқалаларынан бири – Арал апатшылығына және бир мәрте итибарыңызды қаратпақшыман.

Мине, мениң қолымда – Арал апатшылығы сәўлелендирилген карта. Оны артықша түсиндириўдиң қәжети жоқ, деп ойлайман.

Теңиздиң қурыўына байланыслы ақыбетлерди сапластырыў халықаралық көлемдеги ис-ҳәрекетлерди белсенди бирлестириўди талап етпекте.

Биз БМШ тәрепинен Арал апатшылығынан жәбир көрген халыққа әмелий жәрдем көрсетиў бойынша быйыл қабыл етилген арнаўлы бағдарлама толық әмелге асырылыўының тәрепдарымыз.

Ханымлар менен мырзалар!

Аўғанстандағы жағдайды турақластырыў тек ғана регионаллық емес, ал глобаллық қәўипсизликти тәмийинлеўдиң әҳмийетли шәрти болып қалады.

Аўғанстанда тынышлыққа ерисиўдиң бирден-бир жолы – орайлық ҳүкимет пенен ел ишиндеги тийкарғы сиясий күшлердиң арасында алдын-ала ҳеш қандай шәрт қоймастан, тиккелей сөйлесиў алып барыў екенлигин исеним менен айта аламыз.

Сөйлесиўлер аўғанстанлылардың өзлери шешиўши орын ийелейтуғын жағдайда, Аўғанстан аймағында ҳәм БМШтың қоллап-қуўатлаўында өтиўи зәрүр. Данышпан аўған халқы өз тәғдирин өзи ғәрезсиз шешиўге ҳақылы.

АҚШ Президенти мырза Дональд Трамп ҳәкимшилигиниң Аўғанстан менен қоңсы еллерди аўған машқаласын тыныш жол менен шешиўге көмеклесиўге байланыслы шақырықты қоллап-қуўатлаймыз.

Өзбекистан Аўғанстанның экономикалық жақтан тиклениўине, оның транспорт ҳәм энергетика инфраструктурасын раўажландырыўға, миллий кадрларды таярлаўға үлкен үлес қоспақта ҳәм буннан былай да үлес қосады.

Аўғанстан мәселелеси глобаллық көлемдеги мәселелердиң орайында болыўы зәрүр. Халықаралық жәмийетшиликтиң ис-ҳәрекетлери, биринши гезекте, Аўғанстандағы өткир социаллық-экономикалық машқалаларды шешиўге қаратылыўы керек.

Бул жапакеш елде тынышлық орнатыўға көмеклесиў жолындағы бизиң улыўмалық қатаң ҳәрекетлеримиз ҳасла төменлемеўи лазым.

Ҳүрметли сессия қатнасыўшылары!

Дүньяда терроризм қәўипи әсиресе, соңғы жыларда күшейип атырғаны оларға қарсы тийкарынан күш ислетиў жолы менен гүресиў усылы өзин ақламай атырғанынан дәрек береди.

Бул бағдарда көп жағдайларда қәўиплерди келтирип шығарып атырған тийкарғы себеплер менен емес, ал олардың ақыбетлерине қарсы гүрресиў менен ғана шекленип қалынбақта. Халықаралық терроризмниң ҳәм экстремизмниң тамырын басқа да факторлар менен бирге, жаўызлық пенен келисимге келе алмаўышылық қурайды, деп есаплайман.

Усы мүнәсибет пенен адамлардың, биринши гезекте, жаслардың сана-сезимин ағартыўшылық тийкарында жетилистириў ҳәм тәрбиялаў ең әҳмийетли ўазыйпа болып табылады.

Экстремистлик жумыс ҳәм зорлық етиўге байланыслы жынаятлардың көпшилиги 30 жасқа жетпеген жаслар тәрепинен әмелге асырылмақта.

Бүгинги дүнья жаслары – сан жағынан пүткил инсаният тарийхындағы ең ири әўлад болып табылады, себеби олар 2 миллиард адамды қурамақта.

Планетамыздың ертеңги күни, абаданлығы перзентлеримиздиң қандай инсан болып өсиўине байланыслы.

Бизиң тийкарғы ўазыйпамыз – жаслардың өз потенциалын көрсетиўи ушын зәрүр шараятлар жаратыў, зорлық көрсетиў «идеясы» тарқалыўының алдын алыў болып табылады.

Бул ушын жас әўладты социаллық қоллап-қуўатлаў, оның ҳуқықлары менен мәплерин қорғаў бағдарындағы көп тәреплеме бирге ислесиўди раўажландырыў зәрүр, деп есаплаймыз.

Усы мүнәсибет пенен Өзбекистан глобалласыў ҳәм мәлимлеме-коммуникация технологиялары жедел раўажланып атырған бүгинги шараятта жасларға байланыслы сиясатты қәлиплестириўге және оны әмелге асырыўға қаратылған улыўмаластырылған халықаралық ҳуқықый ҳүжжет – БМШтың жаслар ҳуқықлары ҳаққындағы халықаралық конвенциясын ислеп шығыўды усыныс етеди.

Бизиң нәзеримизде, бул ҳүжжетке қол қоятуғын мәмлекетлер усы саланы өзиниң социаллық сиясатының тийкарғы ҳәм әҳмийетли турмыслық тийкарғы бағдарларынан бири дәрежесине көтериў бойынша қатаң миннетлемелерди өз мойнына алыўы керек.

Биз пүткил дүнья жәмийетшилигине ислам дининиң негизги инсаныйлық мазмун-мәнисин жеткериўди ең әҳмийетли ўазыйпа, деп есаплаймыз.

Биз муқаддес динимизди әзелий қәдриятларымыз жәмлеген көриниси сыпатында жоқары қәдирлеймиз. Биз муқаддес динимизди зорлық ҳәм қан төгиў менен бир қатарға қоятуғынларды қатаң қаралаймыз ҳәм олар менен ҳеш қашан келисимге келе алмаймыз.

Ислам дини бизди жақсылыққа ҳәм тынышлыққа, түп инсаныйлық пазыйлетлерди қәстерлеп сақлаўға шақырады.

Орайлық Азия Ояныў дәўириниң көплеген жарқын ғайраткерлериниң ислам ҳәм дүнья цивилизациясына қосқан бийбаҳа үлесин айрықша атап өтпекшимен.

Әне, усындай уллы илимпазлардан бири Имам Бухарий өз әҳмийетине бола ислам дининде Қураны кәримнен соңғы муқадес китап есапланған «Саҳиҳи Бухарий»дың авторы сыпатында пүткил дүньяда тән алынған.

Бул уллы инсанның оғада бай мийрасын қәстерлеп сақлаў ҳәм үйрениў, ағратыўшылыққа тийкарланған ислам ҳаққындағы тәлийматын кеңнен ен жайдырыў мақсетинде биз Самарқанд қаласында Имам Бухарий атындағы Халықаралық илимий-изертлеў орайын шөлкемлестириў ҳаққында қарар қабыл еттик.

Ташкентте шөлкемлестирилип атырған Ислам цивилизациясы орайының жумысы да усы мақсетке хызмет етеди.

Бүгинги сессия қатнасыўшыларына БМШ Бас Ассамблеясының «Ағартыўшылық ҳәм диний кеңпейиллик»  деп аталған арнаўлы резолюциясын қабыл етиў усынысы менен мүрәжат етпекшимен.

Бул ҳүжжеттиң тийкарғы мақсети – ҳәммениң билим алыў ҳуқықын тәмийинлеўге, саўатсызлықты ҳәм жаўызлықты шеклеўге көмеклесиўден ибарат.

Усы резолюция кеңпейиллик пенен өз-ара ҳүрметти жетилистириўге, диний еркинликти тәмийинлеўге, исениўшилердиң ҳуқықын қорғаўға, олардың кемситилиўине жол қоймаўға көмеклесиўге қаратылған.

Ханымлар менен Мырзалар!

Өзбекистан ҳеш қандай блокқа қосылмаў статусын сақлап қалған ҳалда, ашық-айдын пикирлесиўге таяр. Биз барлық шериклеримиз бенен тынышлық, раўажланыў ҳәм абаданлық жолында бирге ислесиўди кеңейтиўден мәпдармыз.

Биз елимизде алып барылып атырған реформалардың тийкарғы мақсети инсан, оның талаплары менен мәплерин тәмийинлеўден ибарат болған ең әҳмийетли тийкарғы ўазыйпаларды табыслы әмелге асырыўдың шешиўши шәрти әйне, сонда жәмленген, деп билемиз.

Итибарыңыз ушын рахмет.