Президентимиз Шавкат Мирзиёев Ёпиқ иншоотларда ва жанг санъатлари бўйича V Осиё ўйинларининг очилиш маросимида иштирок этди

Ашхабад, 17-сентябрь. ӨзА арнаўлы хабаршысы Абу Бакир Урозов хабарлайды.

Өзбекистан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 17-сентябрь күни Түркменстан пайтахты Ашхабад қаласында өткерилип атырған Жабық объектлерде ҳәм жаўынгерлик өнерлери бойынша V Азия ойынларының ашылыў мәресимине қатнасты.

Бул абыройлы халықаралық спорт әнжуманын жоқары дәрежеде өткериў ушын Түркменстан пайтахтында пуқта таярлық көрилген. Олимпиада қалашасында қатнасыўшы мәмлекетлердиң делегациялары, тренер ҳәм спортшылардың жасаўы, жарысқа таярланыўы, шынығыўлар өткериўи, мәдений дем алыўы ушын барлық шараят жаратылған.

Мәмлекетимиз басшысы Ашхабад Олимпиада стадионына барды. 45 мың тамашагөйге мөлшерленген саўлатлы объектке көплеген еллерден келген мәмлекет ҳәм ҳүкимет басшылары, Азия олимпиада кеңеси басшысы, ҳүрметли мийманлар, мыңлаған спорт ышқыпазлары жыйналды.

Ашхабад Олимпиада стадионында Жабық объектлерде ҳәм жаўынгерлик өнерлери бойынша V Азия ойынларының салтанатлы ашылыў мәресими басланды.

Түркменстан Президенти Гурбангулы Бердимуҳамедов Азия ойынларын рәсмий түрде ашық, деп жәриялады.

Азия олипия кеңесиниң президенти Шайх Аҳмад ал-Фарҳад ас-Мабоҳ бәршени усы спорт байрамы менен қутлықлады.

Азия ойынларының гимни жаңлап, Азия Олимпия кеңесиниң байрағы көтерилди. Ойынлар факели жағылды.

Президентимиз Шавкат Мирзиёев Ёпиқ иншоотларда ва жанг санъатлари бўйича V Осиё ўйинларининг очилиш маросимида иштирок этди

… Жабық объектлерде ҳәм жаўынгерлик өнерлери бойынша V Азия ойынларына 60 тан аслам елден спортшылар қатнаспақта. Дәстүрге бола, стадионға қатнасыўшы мәмлекетлердиң спорт делегациялары кирип келди.

Өзбекистан Республикасы Мәмлекетлик байрағын бәлент көтерген спортшымыз – аўыр атлетика бойынша жәҳән чемпионатының гүмис медаль ийеси Улуғбек Алимовты ҳәм Өзбекистан делегациясын тамашагөйлер қол шапатлаўлар менен күтип алды.

Делегацияның қурамында 189 спортшы – жәҳән ҳәм материк чемпионатларында, ҳәр түрли абыройлы жарысларда жоқары нәтийжелерге ерискен тәжирийбели спортшыларымыз бенен бирге, жас қәбилет ийелери спорттың 20 түри бойынша Ўатанымыздың абыройын қорғайды.

Елимиз бундай ири халықаралық жарысларда мүнәсип қатнаса алатуғын спортшыларды таярлаў бойынша бай тәжирийбе топлаған. Соның ишинде, Биринши Президентимиз тәрепинен тийкар салынған ҳәм турақлы өткерилип киятырған «Үмит нәлшелери», «Бәркамал әўлад», Универсиада спорт ойынлары жас әўладты физикалық жақтан саламат, руўхый дүньясы жетик инсанлар етип тәрбиялаў менен бирге олардың арасынан халықаралық майданларда елимиздиң абыройын мүнәсип қорғай алатуғын қәбилетлерди таңлап алыўда да үлкен әҳмийетке ийе болмақта.

Спортшыларымыздың Ашхабадта өткерилип атырған абыройлы жарысқа мүнәсип таярлық көриўде мәмлекетиимз басшысының 2017-жыл 9-марттағы Өзбекистан спортшыларын 2020-жыл Токио қаласында (Япония)  болып өтетуғын XXXII жазғы Олимпиада ҳәм XVI Паралимпиада ойынларына таярлаўға байланыслы қарары әҳмийетли фактор болды.

Жабық объектлерде ҳәм жаўынгерлик өнерлери бойынша V Азия ойынларына қатнасып атырған спортшыларымызға әўмет тилеймиз.

Ёлқин Шамсиддинов (фото), ӨзА