Бүгинги күни пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымлары жумысларын муўапықластырыў бойынша Қарақалпақстан Республикалық Кеңеси ҳәм оның орынлардағы бөлимлери тәрепинен бирге ислесиўши шөлкемлер менен бирликте жаслар арасында ушырасыўлар өткерилмекте.

Өткерилген ушырасыўларда мәҳәллелердеги жасларға мәмлекетимиз тәрепинен жаратылып атырған шараятлар, мүмкиншиликлер туўралы кең түрде мағлыўматлар берилип, Президентимиз тәрепинен тастыйықланған қарар ҳәм пәрманлардың мазмун-мәниси кеңнен түсиндирилмекте.

Республикамыз бойынша бүгинги күнге шекем усы мазмунда 400 ден аслам ушырасыўлар өткерилген. Оларда 700 ден аслам мәселе қаралып, олардың 410 ы өз орнында шешимин тапқан, 10 мүрәжат тийисли уйымларға жиберилген, ал қалғаны пикир-усыныслар болып есапланады.

Бүгинги күнде Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2018-жыл 9-июль күнги 97-санлы президиум мәжилиси баянламасында белгиленген тапсырмалардың орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде өткерилип атырған усындай илажларды Қараөзек районы мысалында қарап өтетуғын болсақ, районда ҳаял-қызларды ҳәм жасларды ҳәр қыйлы диний экстремистлик ағымлар тәсиринен сақлаў мақсетинде ҳәр айда тийисли мәкеме, шөлкем ҳәм уйымлардың жуўапкер ўәкиллериниң қатнасыўында 13 мәкан ҳәм аўыл пуқаралар жыйынларының ҳәр биринде ушырасыўлар өткерилген.

– Усы күнге шекем диний-экстремистлик ағымға қарсы 110 мәрте түсиник жумыслары әмелге асырылды,-дейди Пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымлары жумысларын муўапықластырыў бойынша Қараөзек районлық Кеңеси баслығының Диний-ағартыўшылық мәселелери бойынша қәнигеси З.Қалилаева. – Соның нәтийжесинде районымыз аймағында жасырын диний өжирелер ушыраспады. Районымыздағы шаңарақлардың социаллық-руўхый жағдайы үйренилгенинде район бойынша дизимге алынған 9337 шаңарақтың 4235 и көрип шығылды. Соннан, 702 кем тәмийинленген шаңарақтың 384 ине материаллық жәрдем көрсетилип, ҳәзирги ўақытта үйренилген шаңарақлардан социаллық жәрдемге мүтәж, ўақтынша жумыста жоқ 1163 пуқара ҳәм 2848 шөлкемлеспеген жаслар дизимге алынды. Олардың ҳәр бири жәмийетлик қадағалаўға алынып, олар менен диний-экстремизмниң алдын алыў мақсетинде профилактикалық жумыслар әмелге асырылмақта.

Сондай-ақ, жас әўладты тәрбиялаў, олардың ҳәр қыйлы ағымларға кирип кетиўиниң алдын алыў мақсетинде барлық пуқаралар жыйынларында жаслар менен ислесиў бойынша нураныйлардан ибарат «Мәсләҳәт кеңеслери» дүзилген болып, бул кеңеслер ҳуқықбузарлық ислегени ушын профилактикалық есапта турған тынышсыз шаңарақлар менен сәўбетлесиў илажларын әмелге асырмақта.

Район аймағында районлық бәнтликке көмеклесиў бөлими тәрепинен дизимге алынған 1163 пуқараның 435 и ҳаял-қызлар болып есапланады. Ҳәзирги ўақытта ўақтынша жумыссыз ҳаял-қызлар, үй бийкелери, шет елге шығып кетип қайтып келген ҳаял-қызлар арасында диний-экстремистлик ағымға ҳәм миссионерлер тәсирине түсип қалыўдың алдын алыў мақсетинде 13 мәрте ушырасыў өткерилди.

Район бойынша диний-экстрмистлик ағымға кирген 1 пуқара есапта турады. Оның балаларының оқыўы, тәрбиясы тийисли уйымлар тәрепинен қадағалаўға алынған.

Районда болып атырған ҳǝр бир профилактика күнинде жынаятшылықтың алдын алыў, мәҳәллелерде бундай жағдайларды кең жәмийетшиликтиң  қатнасында додалаў әмелияты жолға қойылған. Бундай илажларға мәҳәллелердеги турғынлар кеңнен тартылмақта.

Бул бағдардағы жумыслар даўам етпекте.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги.