Ташкент қаласында 19-сентябрь күни «Өзбекстан темир жоллары» АЖ басшылығында Шанхай бирге ислесиў шөлкемине ағза мәмлекетлердиң темир жоллары администрациялары басшыларының биринши мәжилиси болып өтти.

2.JPG

Онда Шанхай бирге ислесиў шөлкемине ағза мәмлекетлердиң ўәкиллери- Ҳиндстан Республикасы Темир жоллар министрлигиниң Темир жоллар кеңесиниң ағзасы Гириш Пиллай, «Қазақстан темир жоллары» Миллий компаниясы» басқармасы баслығы Канат Алпысбаев, «Қырғызстан темир жоллары» Миллий компаниясы» мәмлекетлик кәрханасы бас директорының орынбасары Руслан Бектемиров, Қытай Халық Республикасы темир жоллары мәмлекетлик басқармасы баслығының орынбасары Лю Кэцян, «Пәкистан темир жоллары» баслығы Муҳаммад Жавад Анвар, Россия федерациясының темир жоллары ашық акционерлик жәмийетиниң бас директоры-басқарма баслығы Олег Белозёров, «Тәжикстан темир жоллары» мәмлекетлик унитар кәрханасының баслығы Комил Мирзоали қатнасты.

Сондай-ақ, мәжилисте ШБШда бақлаўшы мәмлекетлер –Аўғанстан Ислам Республикасы, Беларусь Республикасы ҳәм Монголия Республикасы темир жол шөлкемлериниң басшы ҳәм жуўапкерлери, ШБШның пикирлесиў бойынша бирге ислесиўшиси – Әзербайжан Республикасы темир жолларының баслығы ҳәм ШБШ Бас хаткериниң орынбасары Се Сяоюн қатнасты.

8.JPG

16.JPG

ШБШ шеңбериндеги бирге ислесиўдиң усы жаңа форматына Президентимиз Шавкат Мирзиёевтиң басламасы менен усы жыл июнь айында Қытайдың Циндао қаласында болып өткен Шанхай бирге ислесиў шөлкемине ағза мәмлекетлердиң басшыларының ушырасыўында тийкар салынды.

Атап өтилгениндей, шөлкемге ағза мәмлекетлердиң экономикалық-социаллық раўажланыўы тиккелей транспорт-комуникация тармақларын комплексли раўажландырыўға байланыслы. Атап айтқанда, темир жол транспорты мәмлекетлераралық товар алмасыў, импорт-экспорт тасыўларды әмелге асырыў, теңиз жоллары менен тиккелей жалғаныў имканиятына ийе болмаған еллердиң дүнья базарына шығыўы ушын әҳмийетли орын ийелейди.

-Транспорт бағдарындағы имканиятларды бирлестириў ШБШға ағза мәмлекетлердиң экономикасын раўажландырыў менен бир қатарда, халықлар арасындағы бирге ислесиў байланысларын да  беккемлейди,-дейди Гириш Пиллай. -Өзбекстанның басламасы менен турақлы алып барылатуғын пикирлесиүдиң жаңа түри Шығысты Батыс пенен, өз гезегинде, Арқаны Қубла менен байланыстыратуғын транспорт-коммуникация тармақларының интеграцияласыўын тәмийинлеў есабынан жүк тасыўлар көлемин арттырыў имканиятын береди. Бул ушын, бәринен бурын, барлық миллий транспорт тармақларының бирден-бир өлшемлерин ислеп шығыў зәрүр. Илажда бул бағдарда Ҳиндстан тәрепиниң усыныслары бойынша мәсләҳәтлестик.

Ушырасыўда   транспорт базарының хызметлерин кеңейтиў, бажыхана ҳүжжетлерин жеңиллестириў ҳәм тариф сиясатына байланыслы мәселелер бойынша сөйлесиўлер алып барылды. Жаңа экономикалық халықаралық жолларды жаратыў, теңиз портларына шығыў имканиятлары көрип шығылды.

Күн тәртибинен орын алған және бир әҳмийетли мәселе логистика орайларының системасын шөлкемлестириў, экспорт-импорт жүклерин дүнья базарына алып шығыў бойынша көрсетилетуғын хызметлерди жақсылаў имканиятларын таллаўдан ибарат болды.

Сөйлесиў даўамында темир жол инфраструктураларына сырт ел инвестицияларын тартыў, халықаралық финанс институтларының қатнасыўында жаңа темир жолларын ашыў, регионда жүк тасыўды арттырыў имканиятын беретуғын перспективалы жойбарларды ислеп шығыў мәселелери кеңнен додаланды.

– XXI әсирде транспорт системаларымыз алдында турған ўазыйпалар көлеми бирге ислесиўдиң  әне сондай жаңа бағдарын жаратыўға талапты пайда етип атырғанын атап өтпекшимен,-дейди Олег Белозёров. –Сол көзқарастан Өзбекстанның ШБШға ағза мәмлекетлердиң темир жоллары администрациялары басшыларының турақлы сөйлесиўи бағдарындағы басламаны толық қоллап-қуўатладық. Келешектеги ўазыйпамыз транспорт бағдарындағы имканиятларды бирлестириўдиң ҳуқықый тийкарын ислеп шығыўдан ибарат. Сондай-ақ, тарифлер, логистика хызметлери, жүк тасыў механизмлери бойынша көзқарасларды сәйкеслендириў зәрүр. Мәжилис даўамында сол сыяқлы тийкарғы ўазыйпалар ҳаққында өз-ара пикир алысыў имканиятына ийе болдық.

Мәжилисте Шанхай бирге ислесиў шөлкемине ағза мәмлекетлердиң темир жоллары администрациялары басшыларының Билдириўине қол қойылды.

Бул ҳүжжетте ШБШға ағза мәмлекетлердиң транспорт хызметлерин бирлестириў бағдарындағы жобаларға толық сәйкес келетуғын, өз-ара бирге ислесиўди буннан былай да раўажландырыўға мөлшерленген тийкарғы бағдарлар өз мәнисин тапқан.

Тәреплер ШБШға ағза мәмлекетлердиң темир жоллары администрациялары басшыларының гезектеги ушырасыўын Қазақстанда өткериўге келисип алды.

Улуғбек ШОНАЗАРОВ,

ӨзА ның хабаршысы