Елимизде соңғы жыллары Арал апатшылығының ақыбетлерин сапластырыў, экологиялық жағдайды жақсылаў, қоршаған орталықты қорғаў мәселелерине үлкен итибар қаратылмақта. Бул бағдардағы жумысларды әмелге асырыўда кең жәмийетшилик ўәкиллериниң қатнасыўын тәмийинлеў мақсетинде мәкан-пуқаралар жыйынларында усы тараўдағы жәмийетлик инспекторлар хызмет ете баслады.

– Өзбекстан Республикасы Президенти Ш.Мирзиёевтиң усы жыл 2-февраль күни Экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў бойынша мәмлекетлик комитетиниң есабаты бойынша өткерген мәжилисинде бул мәселелер кең түрде додаланып, исленип атырған жумыслардың нәтийжелилигин арттырыў бойынша бир қатар тапсырмалар берилген еди,-дейди Қарақалпақстан Республикасы Экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў комитети Шығындыларға байланыслы мәселелерди қадағалаў инспекциясының бөлим баслығы А.Мадаминов. – Усы мәжилис баянламасының 25-бәнтиниң орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде, Өзбекстан Республикасы Әдиллик министрлигиниң 2018-жыл 21-июль күнги «Экологиялық қадағалаўдың жәмийетлик инспекторлығына талабанларды арнаўлы таярлықтан өткериў тәртиби ҳаққында»ғы, Өзбекстан Республикасы Экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў бойынша мәмлекетлик комитетиниң 5-сентябрь күнги «Жәмийетлик экологиялық қадағалаўға қаратылған жумыслардың нәтийжелилигин арттырыў ҳаққында»ғы Режеси тастыйықланды.

Онда усы жылдың 1-ноябрине шекем республикамыздағы ҳәр бир пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымлары қурамында экологиялық қадағалаў бойынша кеминде бир жәмийетлик инспекторы хызметиниң жолға қойылыўы көрсетилген.

Бүгинги күни республикамыздың барлық районларында Қарақалпақстан Республикасы Экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў комитети ҳәм Пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымлары жумысларын муўапықластырыў бойынша Қарақалпақстан Республикалық Кеңесиниң бирликтеги режесине тийкарланып, экологиялық қадағалаўдың жәмийетлик инспекторларын орынларда оқытыў бойынша жумыслар алып барылмақта. Бул жумысларға тәжирийбели қәнигелер тартылған ҳәм оқыў ушын зәрүр шараятлар жаратылған.

Оларға экологиялық қадағалаў, қоршаған орталықты қорғаў ҳәм тәбийғый ресурслардан ақылға уғрас пайдаланыў тараўындағы нызам ҳүжжетлери, оның талапларының бузылыўының алдын алыў, оны анықлаў, сапластырыў, тәбиятты қорғаў мәселелери кеңнен түсиндирилмекте.

Ҳәзирге шекем Нөкис қаласы ҳәм басқа 7 районда усындай оқыў өткерилди. Арнаўлы таярлықтан өткен талабанларға сертификатлар бериледи.

Бул бағдардағы жумыслар даўам етпекте.

Қарақалпақстан хабар агентлиги.