Елимизде 20-сентябрь ҳәм 20-октябрь аралығында «Өрт профилактикасы айлығы» басланды.

Айлық шеңберинде бир қатар илажларды әмелге асырыў нәзерде тутылған. Сондай-ақ, бунда Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң 2018-жыл 19-сентябрь күнги мәжилис протоколы қарарының орынланыўын тәмийинлеў менен бирге, кәрхана, шөлкем, мәкеме ҳәм халықтың турақ жайларының өртке қарсы жағдайын жақсылаў бағдарында әмелге асырылып атырған жумыслар үйренилип, жүзеге келген машқалалар менен кемшиликлер орнында сапластырылады.

– Пуқаралар сергек болып, өртти болдырмаў ушын итибарлы ҳәм жуўапкершиликли қатнас жасаў керек, – дейди ҚР ИИМ Өрт қәўипсизлиги басқармасы баслығының орынбасары, подполковник Махмуд Сейдуллаев. – Бул илажлар бәринен бурын, пуқаралардың өмири, денсаўлығы, мәпи ушын хызмет етеди.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги