Нөкис қаласында  «Системадағы китапхана бөлимлери ҳәм филиалларының жумысын дурыс шөлкемлестириўде  методикалық басшылық етиў» темасында семинар болып өтти.

Өзбекстан Республикасы Мәденият министрлиги, республикалық орайлық  көзи әззилер китапханасы, Қарақалпақстан Республикасы көзи әззилер китапханасы тәрепинен биргеликте шөлкемлестирилген илажға Ташкент қаласы, ўәлаятлар ҳәм республикамыздағы көзи әззилер китапханаларының хызметкерлери қатнасты.

Семинарда Қарақалпақстан Республикасы Мәденият министри Қ.Турдиев, республикалық орайлық  көзи әззилер китапханасының директоры Р.Убайдуллаев, Қарақалпақстан Республикасы  мәлимлеме- китапхана орайының директоры И.Шарапова, Қарақалпақстан Республикасы көзи әззилер китапханасының директоры А.Ахетова шығып сөйлеп, өткерилип атырған илаждың мақсет ҳәм ўазыйпаларына,  китапхана бөлимлери ҳәм филиалларының жумысларын дурыс шөлкемлестириўде  методикалық басшылық етиўдиң әҳмийетли мәселелерине тоқтап өтти.

Атап өтилгениндей, жас әўладтың руўхый-интеллектуаллық потенциалын, сана-сезимин ҳәм дүнья танымын кеңейтиўде, ана Ўатаны ҳәм халқына муҳаббат ҳәм садықлық сезими менен жасайтуғын бәркамал шахсты тәрбиялаўда китапқумарлық мәдениятын арттырыў айрықша әҳмийетке ийе. Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2017-жыл 13-сентябрьдеги «Китап өнимлерин басып шығарыў ҳәм тарқатыў системасын раўажландырыў, китап оқыўды ҳәм китапқумарлық мәдениятын арттырыў және үгит-нәсиятлаў бойынша комплексли илажлар бағдарламасы ҳаққында»ғы қарары бул бағдардағы жумысларды буннан былай да жетилистириўге хызмет етпекте.

Көзи әззилер ҳәм олардың шаңарақ ағзаларына китапхана хызметин көрсетиўде Қарақалпақстан Республикасы көзи әззилер китапханасы ҳәм оның филилалары тәрепинен айтарлықтай жумыслар алып барылмақта.  Бүгинги күни китапхананың Нөкис қалалық, Шымбай, Хожели, Әмиўдәрья, Беруний, Қоңырат, Кегейли, Төрткүл ҳәм Елликқала районлық филиаллары жумыс алып барып атырған болса, пайтахтымыздағы 9-санлы мектепке шекемги билимлендириў мәкемесинде, 10-санлы көзи әззилер мектеп-интернатында, Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтында, Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде көшпели китапханалар шөлкемлестирилген.

Бүгинги күни китап қоры 56957 дананы, соннан көзи әззилердиң брайль жазыўындағы бөртпе ноқатлы әдебиятлар-13663 дананы, баспа әдебиятлар- 33113 дананы, «Сөйлеўши» әдебиятлар-9908 дананы, электрон дисклер-273 дананы қурайды. Көзи әззи пуқаралардың компьютер саўатханлығын арттырыў мақсетинде 2010-жылы оқыў залы шөлкемлестирилди. Оған Германияның техникалық бирге ислесиў жәмийети тәрепинен алып келинген, «JAWS» бағдарламасы орнатылған  5 дана компьютер, сканер ҳәм үлкейтип көрсетиўши үскене қойылды.

Семинарда ўәлаятлардан келген  қәнигелер «Китапхананың жыллық ис режесин дүзиў ҳәм рәсмийлестириў», «Ис режени дүзиўде мийнет нормаларының қолланылыўы», «Мағлыўмат библиография аппаратын шөлкемлестириў», «Методика ҳәм редакция кеңеси жумысын шөлкемлестириў», «Методикалық басылым;  мазмуны ҳәм дүзилмесине қойылатуғын талаплар» деген темаларда баянатлар жасады.

-Илажды өткериўдеги мақсет, көзи әззилер ҳәм олардың шаңарақ ағзаларына китапхана хызметин көрсетиўдиң сапасын арттырыўдан ибарат,-дейди Қарақалпақстан Республикасы көзи әззилер китапханасының директоры Алима Ахетова.-Соның менен бирге, бул бағдарда алдыңғы ис усылларын ен жайдырыў ҳәм өз-ара тәжирийбе алмасыў болып табылады.

Семинар қатнасыўшылары көзи әззилер китапханасының Кегейли районы филиалының жумыслары менен танысты. Быйылғы жылдың февраль айында өз жумысын баслаған филиалға бүгинги күни 184 китап оқыўшы ағза болып табылады. Мийманлар бул жерде жаратылған шараятлар менен жақыннан танысты. Соның менен бирге, жыйын-терим жумысларына қатнасып атырғанлар арасында «Ҳармаң, пахтакеш» викторинасы шөлкемлестирилип, оның жеңимпазларына түрли китаплар саўға етилди.

Илаж қатнасыўшылары, сондай-ақ, И.В.Савицкий атындағы көркем өнер музейинде, пайтахтымыздаң басқа да дыққатқа ылайық орынларында болды.

Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы.