Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатында 19-сентябрь күни Кристиан Дан Преда басшылығындағы Европа парламентиниң Сыртқы ислер бойынша комитети делегациясы менен ушырасыў болды.

Сенаттың Халықаралық қатнасықлар, сыртқы экономикалық байланыслар, сырт ел инвестициялары ҳәм туризм мәселелери бойынша комитетиниң баслығы А.Курманов мийманларды Ҳәрекетлер стратегиясы шеңберинде елимизде әмелге асырылып атырған кең көлемли реформалар менен таныстырды. Мәмлекетлик қурылысты жетилистириў, нызам үстинлигин тәмийинлеў, сөз еркинлигин ҳәм инсан ҳуқықларының қорғалыўын беккемлеў бойынша парламенттиң ролин арттырыў бойынша избе-из жумыслардың исленип атырғаны атап өтилди.

Өзбекстан барлық бағдарда, соның ишинде, сыртқы сиясат тараўында да өз-ара мәпке тийкарланған позициясын көрсетпекте. Дүнья жәмийетшилиги елимиз бенен саўда-экономикалық, сиясий, мәдений-гуманитарлық тараўларда бирге ислесиўди буннан былай да раўажландырыўға үлкен қызығыўшылық билдирмекте.

15a9a4e7-ba96-4f30-8ec4-0c4355d93949.jpg

Ушырасыўда парламанетлераралық байланыслардың перспективаларын, бирге ислесиўдиң шәртнамалық-ҳуқықый тийкарларын кеңейтиў мәселелери додаланды.

Европа аўқамы Орайлық Азия еллери менен өз-ара пайдалы бирге ислесиў бойынша жаңа стратегияны әмелге асырыўдан мәпдар екени атап өтилди. Европа аўқамы менен Өзбекстан арасындағы қатнасықларды жедел раўажландырыў тек ғана ЕА ҳәм Өзбекстан емес, ал Орайлық Азияның басқа да мәмлекетлериниң мәплерине де жуўап береди.

Олий Мажлистиң Нызамшылық палатасында делегация ағзалары менен болып өткен ушырасыўда бар байланысларды буннан былай да беккемлеў, бирге ислесиў бағдарларын кеңейтиў дыққат орайында болды.

74e6be90-8f88-4361-9f29-1025a9e4c53c.jpg

Орайлық Азия регионы ушын әҳмийетли болған Арал теңизиниң қурыўына байланыслы экологиялық машқалаға итибар қаратылды. Жоқары мәртебели мийманлар экологиялық апатшылық ақыбетлерин кемейтиў бағдарында Өзбекстан тәрепинен әмелий илажлардың көрилип атырғанын тән алды.

Европарламент ағзалары Өзбекстан менен ЕА арасындағы қатнасықлар ҳәр еки тәрептиң мәплерине сай келетуғынын, оны буннан былай да раўажландырыўда еле иске қосылмаған имканиятлардан толық пайдаланыў бирдей пайда келтиретуғынын атап өтти.

Сөйлесиўлер даўамында тәреплерди қызықтырған басқа да мәселелер додаланды.

ӨзА