20-сентябрь күни Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтында ҳаял-қызлар кеңеси басланғыш шөлкеми тәрепинен 2013-2018-жылларда исленген жумыслардың жуўмағына бағышланған есап бериў ҳәм сайлаў жыйналысы болып өтти.

Жыйналысты институттың жаслар менен ислесиў мәселелери бойынша проректоры Қ.Қадиров ашып берди.

Илажға Нөкис қаласы ҳәкиминиң орынбасары, қалалық ҳаял-қызлар комитети баслығы Г.Абибуллаева ҳәм институттың ҳаял-қызлардан ибарат профессор-оқытыўшылары, студент қызлар қатнасты.

Күн тәртибиндеги тийкарғы мәселе бойынша институт ҳаял-қызлар кеңеси басланғыш шөлкеми баслығы Б.Арзиева басланғыш шөлкем тәрепинен өткен 5 жыллық дәўир ишинде алып барылған жумыслар, қолға киргизилген табыслар ҳәм алдағы жобаластырылған илажлар ҳаққында баянат жасады.

Ҳәзирги ўақытта басланғыш шөлкемге жәми 4520 ҳаял-қыз ағза болып, соннан 237 профессор-оқытыўшы, 165 техникалық хызметкер, 4060 бакалавр ҳәм 58 магистратура бағдарының студентлери болып табылады.

Ҳаял-қызлардан ибарат профессор-оқытыўшылардан 1 илим докторы, 56 илим кандидаты, 46 үлкен оқытыўшы, 134 ассистент-оқытыўшы студентлерге тәлим-тәрбия берип келмекте.

Институтта оқып атырған студент қызлар арасында ҳәр жылы «Азада қызлар», «Институт гөззаллары», «Илимпаз қызлар», «Институт арыўы» таңлаўлары турақлы түрде өткерип келинбекте.

Студент қызлар арасында саламат турмыс тәризин ен жайдырыў мақсетинде спорттың волейбол, баскетбол түрлеринен факультетлер арасында бириншиликлер, сондай-ақ, ерте турмыс қурыўдың алдын алыў ҳәм басқа мәселелер бойынша турақлы түрде илажлар шөлкемлестирилип барылмақта.

Қызлардың бос ўақытларын нәтийжели шөлкемлестириў мақсетинде «Тумарис» халық ансамблинде миллий аяқ-ойынлар және шебер қоллар дөгереклери ислеп тур.

Институт студент қызлары жаратылған шараятлардан нәтийжели пайдаланып, үлкен табысларды қолға киргизбекте. Атап айтқанда, усы жылдың март айында институттың дене мәденияты факультети студенти Шаҳодат Жоллыбаева Зульфия атындағы мәмлекетлик сыйлықтың лауреаты болды. Спорттың волейбол түри бойынша институттың қызлар командасы 10-13-сентябрь күнлери Ташкент қаласында өткерилген Өзбекстан суперкубогы жеңимпазы болып, абсолют чемпионлығын қолға киргизди. Сондай-ақ, усы жылдың 6-11-сентябрь күнлери Қашқадәрья ўәлаятының Шаҳрисабз қаласында биринши мәрте өткерилген «Мақом-2018» халықаралық фестивалында институттың студент қызлары миллий кийимлерде халқымыз қызларының қол өнери үлгилерин көрсетип, миллий саз әсбапларда миллий қосықларымызды атқарып шықты.

Жыйналыста ҳаял-қызлар кеңеси басланғыш шөлкеминиң жумыслары жақсы алып барылғанлығы айрықша атап өтилди ҳәм Б.Арзиеваның кандидатурасы және бир мәрте усынылып, барлық қатнасыўшылар тәрепинен мақулланды.

Илажда оқыўда ҳәм жәмийетлик жумысларда белсендилик көрсетип киятырған институт ҳаял-қызлары ҳүрмет жарлықлары ҳәм естелик саўғалары менен сыйлықланды.

Жыйналыс институт студент қызларының миллий өнерментшилик, сүўретлеў өнери ҳәм спорт тараўындағы жетискенликлериниң көргизбеси менен даўам етти.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.