Өзбекистан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 2017-жыл 18-20-сентябрь күнлери Америка Қурама Штатларына сапар етеди ҳәм БМШ Бас Ассамблеясының 72-сессиясының улыўма сөйлесиўлеринде шығып сөйлейди.

Өзбекистан Президенти Нью-Йорк қаласына сапар етиўи шеңберинде БМШ Бас хаткери Антониу Гутерриш, Халықаралық валюта фондының бөлистириўши директоры Кристин Лагард, Жәҳән банки топарының президенти Жим Ён Ким және БМШ Бас Ассамблеясына сапар еткен басқа  мәмлекет басшылары менен де ушырасып, сөйлесиўлер өткереди.

Мәмлекетимиз басшысы, сондай-ақ, кең шеңбердеги Өзбекистан – Америка бизнес форумында қатнасады. Бизнес-форумның жуўмақлары бойынша еки мәмлекет жетекши фирмалары менен компанияларының басшылары арасында саўда-экономикалық, қаржы-инвестициялық салаларда көплеген еки тәреплеме ҳүжжетлерге қол қойылыўы күтилмекте.