Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети ҳаял-қызлар комитети басланғыш шөлкеминиӊ есап- бериў сайлаў мәжилиси өткерилди.

Онда университет  ҳаял-қызлар комитети басланғыш шөлкеминиӊ  өткен дәўир ишинде  әмелге асырған жумыслары ҳәм олардыӊ нәтийжелери, университет ҳаял-қызларыныӊ ерисип атырған жетискенликлери туўралы кеӊ түрде сөз етилип, пикир-усыныслар билдирилди .

Мәжилисте шығып сөйлегенлердиӊ    пикир – усыныслары үйренип шығылып, университет ҳаял-қызлар комитет басланғыш шөлкеминиӊ баслығы И.Сейтназарованыӊ кандидатурасын қайта сайлаўға қойып,  даўыс  бериў процесин  өткерди.

 

Мәжилис  қатнасыўшылары И.Сейтназарованыӊ  кандидатурасыӊ қоллап-қуўатлап даўыс берди ҳәм ол қайта сайланды.

Илаж шеӊберинде университет ҳаял-қызлар комитети басланғыш шөлкеми жанында шөлкемлестирилген “Қызларжан” , “Шебер қоллар” , “Зульфияханым қызлары” , “Китапқумарлар” дөрериги ҳәм клубларыныӊ талантлы , шебер қызларыныӊ дөретиўшилик мийнетлери орын алған көргизбе шөлкемлестирилди  .

 

 З.Абубакирова,

ҚМУ журналистика қәнигелигиниӊ 4-курс  студенти