Қарақалпақстан тарийхындағы туңғыш жоқары оқыў орны есапланған Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты ең дәслеп 1934-жылы Төрткүл қаласында шөлкемлестирилген.

Институттың усы қаладағы дәслепки имараты қандай көриниске ийе болған? Бул көпшиликти қызықтырса керек. Төменде сиз институттың дәслепки имаратының фотосүўретин тамашалаўыңыз мүмкин.

Ашылған ўақтында институтта 12 оқытыўшы ҳәм 42 студент болған. Институттың дәслепки қарлығашлары 1937-жылы питкерип шығып, олардың қатарында елимиздиң социаллық-экономикалық жақтан раўажланыўына үлкен үлес қосқан П.Нурпейсов, У.Лепесов, Г.Ерниязова, Ж.Әдилов, Т.Аралбаевлар да бар еди.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.