ӨзЛиДеП Қарақалпақстан Республикалық ҳәм Тақыятас районлық кеңеслери ўәкиллеринен ибарат жумысшы топар ағзалары Президентимиздиң «Абат аўыл» ҳәм «Абат мәҳәлле» бағдарламаларынан келип шыққан ҳалда, халықтың арасына кирип барыў, олардың машқалалары менен усынысларын үйрениў мақсетинде районның «Найман» ҳәм «Кенегес» аўыл пуқаралар жыйыны турғынлары менен ушырасты.

Жыйынларда алып барылған сәўбетлесиўлер даўамында ишимлик суўының тамтарыслығы, асфальт жоллардың жарамсыз жағдайға келип қалғаны ҳәм жумыссызлық сыяқлы машқалалар бар екенлиги анықланды.

– Усы аўылға көшип келгенимизден берли ишимлик суўы тамтарыслығынан қыйналамыз, -дейди «Кенегес» аўыл пуқаралар жыйыны турғыны Ж.Досымбетов. – Суўды баспа краннан аламыз, бирақ бул суў ишиўге жарамсыз. Партияның жумысшы топар ағзалары ҳәм тийисли шөлкемлерден ўәкиллер келип бул машқаланы үйренип шықты. Тез арада қубырлар алып келинип, ишимлик суўы тартылатуғыны айтылды.

Буннан тысқары жоқарыда көтерилген басқа да машқалалар бойынша районлық кеңестиң депутатлары тийисли шөлкемлерге депутатлық сораўнама жиберип, қадағалаўға алынды. Сондай-ақ, сәўбетлесиўлер даўамында партияның мақсет ҳәм бағдарламалары кең түрде түсиндирилди.

 

М.Пирназарова,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы.