Бүгинги күнде ӨзЛиДеП Сиясий Кеңесиниң Атқарыў комитети ҳәм партияның Қарақалпақстан Республикалық Кеңеси ўәкиллеринен ибарат жумысшы топар Президентимиздиң «Абат аўыл» бағдарламасынан келип шыққан ҳалда мәҳәллелердиң халқы менен сәўбетлесиў, халықтың турмыс шараятын және де жақсылаў, олардың машқала ҳәм усынысларын тыңлаў мақсетинде ҳәр бир мәҳәллеге үйме-үй кирип, турғынлардың турмысы менен жақыннан таныспақта.

 

Жумысшы топар Кегейли районының «Бахытлы» ҳәм «Қуяшлы» мәкан пуқаралар жыйынларына да сапар шөлкемлестирип, халық пенен жүзбе-жүз сәўбетлести.

– Жыйынымызда 4  мың 194 пуқара тыныш-татыў турмыста жасап келмекте, – дейди «Бахытлы» МПЖ баслығы Х.Қурбаниязов. – Жумысшы топардың алып барған сәўбетлесиўи даўамында мәҳәллемизде жумыссызлық машқаласының барлығы анықланды.

Жумысшы топардың мақсети – әпиўайы халық пенен сәўбетлесип, олардың машқалаларын үйрениў ҳәм сапластырыў. Илажы болса, жүзеге келген машқалаларды өз орнында, болмаса, депутатлық сораўнамалар жибериў арқалы шешиўден ибарат.

– Көптен берли жумыссызбан, – дейди усы жыйынның турғыны Т.Жийемуратов. – Шаңарағымды бағыў ушын мен жумыс сорап бармаған мәкеме қалмады. Лекин таба алмадым. Бүгин жумысшы топар ағзаларына үйиме жақын жердеги «Пахта заводы»на жумысқа кириў нийетим бар екенлигин айтқан едим, мүрәжатым қанаатландырылатуғын болды.

«Қуяшлы» МПЖ турғыны Р.Өтениязов та қарамал бағыў ушын банктен кредит алмақшы екенин билдиргенде, районның депутатлық топары баслығы «Халқ банк»иниң районлық филиалына депутатлық сораўнама жиберди ҳәм машқаласын шешиўге келисип алынды.

Үйме-үй сәўбетлесиў процесинде партияның алып барып атырған жумыслары, оның идеялары ҳәм бағдарламалары, «Ҳәр бир шаңарақ – исбилермен» ҳәм «Жаслар келешегимиз» Мәмлекетлик бағдарламалары ҳаққында да кең түрде түсиник берилди.

 

М.Пирназарова,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы.