Өзбекстан Республикасы қорғаныў министри Абдусалом Азизов елимизге рәсмий сапар менен келген Миссисипи штаты Миллий гвардиясының сәркардасы – штат губернаторының орынбасары Жейсон Бойлз басшылығындағы әскерий делегация менен ушырасты.

Ушырасыўда қорғаныў тараўындағы еки тәреплеме бирге ислесиўдиң бүгинги жағдайы додаланып, перспективадағы режелер белгилеп алынды. Өз-ара пайдалы бирге ислесиўди күшейтиў ҳәм Орайлық Азия регионында турақлылықты тәмийинлеў бағдарында пикирлести.

Президентимиз Шавкат Мирзиёевтиң быйылғы жылдың май айында АҚШқа әмелге асырған рәсмий сапары еки мәмлекет арасындағы бирге ислесиўди жаңа басқышқа көтериўде үлкен әҳмийетке ийе екенлиги атап өтилди.

Мийманлар Қураллы Күшлер академиясының жумысы, курсантлардың билим алыўы ҳәм жасаўы ушын жаратылған шараятлар менен жақыннан танысты.

Өзбекстан Республикасы Қорғаныў министрлигиниң өткен жылдан баслап сырт еллердиң қорғаныў уйымлары менен өз-ара бирге ислесиўи жаңа басқышқа көтерилди. Елимиздиң басқа мәмлекетлер менен еки тәреплеме әскерий ҳәм әскерий-техникалық бирге ислесиў шеңбериндеги илажлар көлеми күн сайын кеңейип бармақта. Жоқары әскерий билимлендириў мәкемелеринде профессор-оқытыўшылар, көп жыллық хызмет тәжирийбесине ийе офицерлер тәрепинен алып барылып атырған илимий-изертлеў жумыслары, әҳмийетли бағдарлардағы изленислер сырт ел тәжирийбесине сүйенген ҳалда әмелге асырылмақта.

Нурилло НАСРИЕВ,

ӨзА ның хабаршысы