Нызамшылыққа муўапық, пул төлемлерин төлеген, бирақ әскерий жыйынлардан өтпеген мобилизациялық шақырыў резерви хызметкерине төленген қаржылар, егер ол әскерий хызметке жарамсыз деп табылғанда ҳәм оған медициналық-мийнет экспертизалық комиссиясы (ММЭК) тәрепинен 27 жасқа шекем I, II ямаса III топар майыплығы берилген жағдайда қайтып бериледи. Бул ҳаққында «Ҳуқуқий ахборот» каналы мәлим етти.

Бунда сол шахс ММЭК жуўмағы ҳәм Арнаўлы есап бетине төлемлер өткериў тәртиби ҳаққындағы тәреплердиң қоллары қойылған шәртнаманың нусқасын қосымша еткен ҳалда (әскерий есапқа алынған жериндеги) қорғаныў ислери бөлими баслығының атына төленген пул төлемлерин қайтарыў ҳаққында (төленген пул суммасын көрсеткен ҳалда) арза береди.

Қорғаныў ислери бөлими, қорғаныў ислери басқармасынан Арнаўлы есап бетине пул қаржылары келип түскеннен соң (пул қаржысының келип түсиўи менен байланыслы жумыслар 9 жумыс күни ишинде әмелге асырылады) үш күн мүддетте пул қаржыларын қандай тәртипте төлеген болса, сол формада қайтарып бериледи (нақ төлеген болса нақ етип, пул өткерилген болса пул қаржыларын тийисли есап бетине өткереди).

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.