2018-жыл 16-сентябрь күни саат шама менен 18:00 лерден баслап Өзбекстанда Facebook социаллық тармағында және үзилислер бақланбақта. Тармаққа тиккелей кириўдиң илажы болмай атырғанлығы себепли пайдаланыўшылар анонимайзерлер ҳәм VPN арқалы сайтқа және мобиль қосымшаларға кирип атыр.

Сентябрь айының басында да Өзбекстанда усы тармаққа кириўде қыйыншылықлар жүзеге келген еди. 3-сентябрьде басланған бул машқала 12-сентябрьде сапластырылған еди, деп жазады Kun.uz.

Социаллық тармаққа кириўде қыйыншылықлар пайда болғаннан соң, пайдаланыўшылар арасында Facebook Өзбекстанда тоқтатылғаны ҳаққында пикирлер жүзеге келген, бирақ «Өзбектелеком» бул гәплерде ҳеш қандай тийкар жоқ екенлиги ҳаққында мәлим етип, Орайлық Азия ҳәм Арқа Европадағы басқа еллерде де усындай машқалалар бақланып атырғаны ҳаққында рәсмий баянат берген еди.

Facebook  бир ҳәптеден көбирек ислемей турғанына тек ғана усындай түсиник берилди.

Соны атап өтиў керек, Facebook’қа кириўде машқалалар бақланғаннан соң Өзбекстандағы Android ҳәм iOS қурылмалары ийелери VPN бағдарламаларын ғалабалық түрде жүклеп ала баслады ҳәм бул Google Play’де өз көринисин тапты – Secure VPN ҳәм Thunder VPN Өзбекстан бойынша ең көп жүклеп алынған қосымшалардың 20 лығына кирди.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги