«Уллы келешегимизди мәрт ҳәм кеңпейил халқымыз бенен бирге қурамыз» атамасындағы үгит-нәсият илажлары Қоңырат районында да өткерилди.

Мәденият хызметкерлери, жазыўшы-шайырлар ҳәм профессор-оқытыўшылардан ибарат үгит-нәсият топары ағзалары Өзбекистанда инсан мәплери бағдарында әмелге асырылып атырған нәтийжели жумыслар, қала ҳәм аўылларымыздағы жаңаланыўлар, ҳыял-қызлар ҳәм жаслар мәплерин қорғаўдағы алып барылып атырған ис-илажлар ҳаққында мағлыўмат берди.

35-санлы улыўма билим бериў мектебинде өткерилген фестивалға да кино актеры, Өзбекистанда хызмет көрсеткен артист Машраб Кимсанов, Өзбекистан Жазыўшылар аўқамы ағзасы, жазыўшы Ҳоким Сатторий, Бердақ атындағы Қарақалпақ Мәмлекетлик академиялық музыка театры актрисасы Сапаргүл Дәўлетова, қарақалпақ эстрада жулдызы Амангелди Дәўлетовлар мектеп оқыўшылары менен сәўбетте болды.

-Адамзаттың ең уллы байлығы илими. Ал, илим болса китап арқалы инсан санасына киреди-деп, жазыўшы Ҳоким Сатторий мектеп оқыўшыларын китап оқыўға шақырды.

Усылайынша Қоңырат районы Аўыл хожалық ҳәм кәсип-өнер колледжи, Санаат қурылыс колледжи, Нефть ҳәм газ санааты колледжлеринде, сондай-ақ, 5-санлы улыўма билим бериў мектебинде, 36-санлы улыўма билим бериў мектеплеринде өткерилген.

Илажларда да жасларымыздың қолға киргизилип атырған жетискенликлери тийкарында Президентимиздиң халқымыз тынышлығы, бахытлы турмысы жолында әмелге асырған уллы ислери тийкар болып атыранлығы өзиниң тастыйығын тапты. Жаслық ҳәм жигерлилик байрамына айналып кеткен бул илажда ертеңимиз ийелерине деген меҳир ҳәм итибардың оға да жоқары екенлигин және де бир өзиниң көринисин тапты.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги