Жақында Ташкент педиатрия медицина институты Нөкис филиалында Россия-Өзбекистан неврологлары форумы өткерилди. Форумда тийғарғы дыққат Заманагөй билимге ийе медицина ҳызметкерлерин жетилистирип шығарыў, бар болған машқалаларды сапластырыў ҳәм заманагөй әспаб-үскенелер менен тәмийинлеў сыяқлы мәселелерге қаратылған.

Россия-Өзбекистан неврологлары форумы Өзбекистан Республикасы денсаўлықты сақлаў министрлиги, Россия Федерациясы денсаўлықты сақлаў министрлиги, Ташкент педиатрия медицина институты, Пирогов атындағы Россия миллий университети ҳәм Өзбекистан Неврологлар жәмийети менен биргеликте шөлкемлестирилди. Форумға Россия, Украина ҳәм Өзбекистанның  жетекши алымлары, жас невропатолог-илимпазлар ҳәм невропатолог шыпакерлер қатнасты. Илаж барысында нерв кеселликлерин дәлийлленген медицина тийкарында емлеў ҳәм диагноз қойыў усыллары, анықланыўы қыйын болған неврологиялық кеселликлердиң заманагөй машқалалары додаланды. Бүгинги күнде халық арасында бас мий ҳәм неврологиялық кеселликке шалынған наўқаслардың саны артып атырғанлығы медицина ҳызметкерлерине, соның ишинде, невролог шыпакерлерге бир қанша жуўапкершиликли ўазыйпаларды жүклемекте. Жетекши шет ел қәнигелери менен өз-ара тәжирийбе алмасыў ҳәм жоқары профессионализм тийкарында өткерилип атырған бул форум халықтың денсаўлығын қорғаўда кең имканиятларға жол ашып береди. Республикамыздың, соның менен бирге, Хорезм ўәлаятынан келген неврология, нейрохирургия, анестезиология ҳәм реаниматология тараўларының шыпакерлери, профессор-оқытыўшылар ҳәм студент жаслар тәжирийбели илимпазлардың фундаменталлық билимлери тийкарында өзлерине теориялық ҳәм әмелий көнликпелер алыўға еристи.

Қарақалпақстан хабар агентлиги