Өзбекистан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтың мирәт етиўине бола Қазақстан Республикасы Президенти Нурсултан Назарбаев 2017-жыл 16-17-сентябрь күнлери мәмлекетлик сапар менен елимизде болады.

Жоқары дәрежедеги сөйлесиўлерде Өзбекистан ҳәм Қазақстан арасындағы сиясий, саўда-экономикалық, инвестициялық, транспорт-коммуникациялық, мәдений-гуманитарлық ҳәм басқа да салалардағы бирге ислесиўди раўажландырыўдың перспективаларын додалаў, сондай-ақ, әҳмийетли регионаллық ҳәм халықаралық мәселелер бойынша пикир алысыў режелестирилген.

Сөйлесиўлердиң жуўмағы бойынша Ташкент қаласында еки ел Президентлериниң Қоспа билдириўине, Өзбекистан ҳәм Қазақстан арасындағы көп қырлы дослық қатнасықларын избе-из раўажландырыўға қаратылған көплеген ҳүжжетлерге қол қойылады.