15-август күни Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтында Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан Республикаларының билимлендириў ағласы, Греция Халықаралық академиясы илимий орайының докторы, Қарақалпақстан дене тәрбиясы ҳәм спорт тараўында туңғыш илим кандидаты ҳәм профессор, ветеран устаз Пердебай Шылмановтың 75 жыллық юбилейи болып өтти.

Жыйналғанлар дәслеп илимпаздың авторлығында жарық көрген илимий мийнетлердиң көргизбеси менен танысты.

Илажды институт ректоры Б.Отемуратов ашты ҳәм басқарып барды. Институт ректоры ветеран устаздың мийнет жолы ҳәм қарақалпақ дене тәрбиясы және спорты тарийхындағы уллы тулғалардың бири екенлиги ҳаққында айта келип, юбилей мүнәсибети менен ректорат атынан таярланған саўғаларды тапсырды.

Мийнеткеш илимпаз, педагог, миллий спортымыз жанкүйери болған Пердебай Шылмановтың өмири ҳәм илимий-педагогикалық жумыслары ҳаққында институттың факультетлер аралық дене тәрбиясы кафедрасы доценти С.Алланиязов баянат жасады.

Қарақалпақ мәмлекетлик педагогикалық институты (ҳәзирги Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты) ның дене тәрбиясы факультетин табыслы тамамлаған Пердебай Шылманов дәслепки мийнет жолын усы институттан баслаған. 1974-1978-жыллары Москва қаласында аспирантурада оқып, қарақалпақ миллий спорт ойынлары темасында кандидатлық диссертациясын жақлайды. Буннан соң институтта өз мийнет жолын даўам еттиреди. Қарақалпақстан дене тәрбиясы ҳәм спорт тараўында биринши илим кандидатының нәтийжели мийнетлери есапқа алынып, оған усы тараўдағы биринши профессорлық дәрежеси де бериледи.

Соны айрықша атап өтиў керек, Пердебай Шылмановтың илимий изертлеўлери нәтийжесинде қарақалпақ халқының 500 ден аслам халық ойынлары қайта тикленди, оларға заманға сәйкес түрде қағыйдалар киргизип, мектеп шараятында балаларды физикалық жақтан тәрбиялаў ушын бағдарламалар ислеп шықты. Илимпаздың авторлығындағы «Миллий балалар ойынлары» методикалық қолланбасы ҳәм баслаўыш класс оқыўшылары ушын «Дене тәрбиясы» сабақлығы солар қатарына киреди.

Пердебай Шылмановты «Қашарман топ» ойынының жанкүйери сыпатында кең жәмийетшилигимиз оғада ҳүрмет пенен тилге алады. Илимпаз 2006-жылы «Қарақалпақстан» баспасынан усы ойынның келип шығыў тарийхы ҳәм ойналыў қағыйдаларын өз ишине жәмлеген «Қашарман топ» китабын бастырып шығарып, келешек әўладлар ушын теңсиз бийбаҳа мийрас дөретти.

Илажда «Қарақалпақстан спорты» газетасының бас редакторы А.Әбдиев, ветеран устазлар У.Ембергенов, Е.Хожаниязов, Ж.Мәмбетов ҳәм институт факультетлери деканлары сөзге шығып, юбилей ийесине беккем денсаўлық, илимий-педагогикалық жумысларына табыс ҳәм шаңарағына қут-берекет тиледи.

Илаж соңында ветеран устаз Пердебай Шылманов шығып сөйлеп, педагогикалық институт Қарақалпақстанның барлық зыялы инсанлары ушын бесик болған уллы дәргай екенлиги ҳәм бул жерде 55 жылдан аслам ўақыт ислеп, усындай ҳүрмет-иззетке бөленип атырғаны ушын миннетдаршылық билдирди.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.