Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде  2018-2019-оқыў жылында университетке қабыл етилген студентлерге   студентлик гүўалығын тапсырыў кешеси болып өтти.

Салтанатлы кешеге Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси ўәкиллери, республикамызға белгили жазыўшылар, шайырлар, мәденият ҳәм көркем өнер ғайраткерлери, университет мийнет нуранийлери  ҳәм жоқары оқыў орынларынан профессор-оқытыўшылар,  студент-жаслар қатнасты.

Кешени университет ректоры А.Реймов ашты ҳәм 2018-2019-оқыў жылында  университетке қабыл етилген  студент жасларды қызғын  қутлықлады.

Жаңа оқыў жылында имтихансыз оқыўға қабыл етилген пән олимпиадаси, спорт жарыслары жеңимпазлары ҳәм ең жоқары балл менен кирген студентлердиӊ  қатнасында студентлик анты оқып еситтирилди. Буннан соң, студентлерге университеттиӊ символикалық  гилти салтанатлы түрде  тапсырылды.

Салтанатлы кешеде ата-аналар  шығып сөйлеп , перзентлериниң усындай жетискенликлерге ерисип атырғанлығынан, олардың устазларынан, ҳүкимет басшыларынан миннетдар екенлигин билдирип өтти.

Кеше соңында “Ҳүрлиман” халық ансамблиниң концерт бағдарламасы қойып берилди.

З.Абубакирова, 

 ҚМУ журналистика қәнигелигиниӊ 4-курс  студенти