Журтбасшымыз Ш.Мирзиёев республикамызға еткен сапарында пайтахтымыздағы дерлик бир ярым жылдан берли қараўсыз турған имаратты (бурынғы «Айдын жол» базары) спорт комплексине айландырыў бойынша тийисли көрсетпелер берген еди. Улыўма баҳасы 15 миллиард сўм болған Олимпия ҳәм миллий спорт түрлери бойынша қәнигелестирилген жоқары спорт шеберлиги мектебиниң имараты қолы гүл қурылысшыларымыз тәрепинен өткен қысқа дәўир ишинде қурып питкерилди.

Өткен сәршемби күни усы спорт комплексиниң ашылыў салтанаты болып өтти. Онда Қарақалпақ Республикасы  Жоқарғы Кеңеси Баслығының орынбасары А.Ҳамраев, Өзбекистан  Денетәрбия ҳәм спорт ислери бойынша комитети баслығының биринши орынбасары И.Жўраев, Қарақалпақ Республикасы Денетәрбия ҳәм спорт ислери бойынша комитетиниң баслығы Ғ.Байниязов, баскетбол бойынша Германияда болып өткен  халықаралық турнирдиң жеңимпазы Г.Султамуратова, қурылысшылар атынан А.Шағатаевлар шығып сөйлеп, жыйналғанларды елимиз ғәрезсизлигимиздиң 26 жыллығы ҳәм спорт комплексиниң пайдаланыўға тапсырылыўы менен қутлықлады.

Жаңадан ашылған бул спорт комплексинде республикамыз жаслары спорттың он бир түри, яғный еркин ҳәм грек-рим гүреси, дзюдо, каратэ-до, таэквондо, бокс, аўыр атлетика, қылышпазлық, белбеўли гүрес, өзбек жаўынгерлик өнери менен шуғылланыў имканиятына ийе. Оларға тәжирийбели тренерлер бекитилген. Бул жерде олардың спорт сырларын үйрениў ушын барлық шараятлар жаратылған. Ең соңғы спорт инвентарлары менен тәмийинленген кең ҳәм жақты спорт заллар, жатақхана және асхана олардың хызметинде.

Фото: Спорт комплексиниң ашылыў салтанатынан көринис

 

Нурсулыў НУРБЕКОВА    

 ҚМУ журналирстика талим бағдары студенти