Бурын хабар етилгениндей, Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң мирәт етиўи бойынша Беларусь Республикасы Президенти Александр Лукашенко 12-сентябрь күни рәсмий сапар менен елимизге келди.

Сапардың тийкарғы илажлары 13-сентябрь күни Көксарай резиденциясында болып өтти.

Рәсмий күтип алыў мәресиминен соң Шавкат Мирзиёев ҳәм Александр Лукашенко тар шеңберде ушырасыў өткерди.

Президентимиз жоқары мәртебели мийманды елимизге сапар етиўи менен қутлықлап, Өзбекстан ҳәм Беларусь шын жүректен дос ҳәм шерик екенин атап өтти.

– 2016-жылы Самарқандтағы ушырасыўымызда мәмлекетлераралық қатнасықларымызды ҳәр тәреплеме беккемлеўге келисип алған едик. Өткен еки жылда бирге ислесиўимиз жедел пәтлерде раўажланды. 2017-жылы өз-ара товар алмасыўдың көлеми 60 проценттен зыятқа артты. Усы жылдың январь – июль айларында болса бул бағдардағы көрсеткиш дерлик 4 еседен асты. Бул бирге ислесиўимизде үлкен потенциал бар екенинен дәрек береди, – деди Шавкат Мирзиёев.

Беларусь Президенти мирәт еткени ушын мәмлекетимиз басшысына миннетдаршылық билдирди.

– Сизиң басшылығыңызда Өзбекстанда әмелге асырылып атырған жумыслар итибарға ылайық, – деди Александр Лукашенко. – Ҳәм ишки, ҳәм сыртқы сиясатта кең көлемли өзгерислерди әмелге асырып атырсыз. Өз-ара пайдалы барлық тараўларда бирге ислесиўге, тәжирийбе алмасыўға таярмыз.

Бүгинги күнде Өзбекстан менен Беларусь арасындағы қатнасықлар дослық ҳәм шериклик руўхында раўажланбақта. Өткен жыллар даўамында еллеримиз еки ҳәм көп тәреплеме тийкарда беккем бирге ислесиў байланысларын орнатты. Халықларымыздың дослығы ҳәм жақынлығы өз-ара қатнасықларды және де раўажландырыў ҳәм мәмлекетлеримиздиң ҳәр қыйлы халықаралық структуралар шеңберинде бир-бирин қоллап-қуўатлаўына беккем тийкар болмақта.

Президентлер еки тәреплеме бирге ислесиўге байланыслы кең көлемли мәселелерди додалап, еллеримиз арасындағы сиясий пикирлесиўди беккемлеўге, ҳәр қыйлы тараўлардағы әмелий бирге ислесиўди избе-из раўажландырыўға келисип алды.

Рәсмий делегациялардың қатнасыўында кеңейтилген қурамда өткерилген сөйлесиўде Өзбекстан менен Беларусь арасындағы саўда-экономикалық байланысларды диверсификациялаў ҳәм және де кеңейтиў, еки мәмлекет экономикасының бир-бирин толықтыратуғынын есапқа алып, шерикликти беккемлеў мәселелери додаланды.

Өзбекстан  – Беларусь арасындағы байланыслар барлық тараўларда жеделлесип атырғаны атап өтилди.

Усы жылдың август айында Ташкентте Еки тәреплеме бирге ислесиў бойынша ҳүкиметлераралық комиссия мәжилиси табыслы өтти.

Машина қурылысы, фармацевтика, жеңил ҳәм азық-аўқат санааты, аўыл хожалығы, туризм сыяқлы тараўларда қоспа жойбарлар әмелге асырылмақта. Исбилермен топарлар ҳәм жетекши кәрханалар арасындағы байланыслар беккемленбекте.

Кейинги еки айда елимиздиң барлық аймақларының ўәкиллери Беларусьқа барып, өз шериклери менен жақын байаныслар орнатты.

Тәреплер саўда-экономикалық, инвестициялық, транспорт-коммуникация ҳәм социаллық-гуманитарлық тараўлардағы байланысларды раўажландырыўдың перспективалары бойынша пикир алысты.

Президентлер әмелий бирге ислесиўди кеңейтиўден мәпдар екенлигин, буның ушын интеллектуаллық, технологиялық ҳәм басқа да ресурслар, сондай-ақ, ең әҳмийетлиси өз-ара умтылыс бар екенин атап өтти.

Еки тәреплеме бирге ислесиў бойынша ҳүкиметлераралық комиссияға өз-ара товар алмасыўдың көлемин арттырыў ҳәм жақын жылларда оны бир миллиард долларға жеткериў ўазыйпасы тапсырылды.

Аймақлараралық байланысларды буннан былай да кеңейтиў, машина қурылысы, тоқымашылық, азық-аўқат санааты, шарўашылық, мийўе-овощты қайта ислеў, фармацевтика, қурылыс материалларын ислеп шығарыў ҳәм басқа да тармақларда кооперацияны раўажландырыўға келисип алынды. Қоспа кәрханалар шөлкемлестириў, олар ислеп шығарған өнимлерди үшинши мәмлекетлер базарына экспорт етиў зәрүрлиги атап өтилди.

Өзбекстанда атом электр станциясын қурыў жойбарын әмелге асырыўда бирге ислесиў мәселеси көрип шығылды.

Тәреплер мәдений-гуманитарлық тараўдағы шериклик қатнасықларын буннан былай да беккемлеўге келисип алды.

Сөйлесиўлердиң жуўмағында Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев ҳәм Беларусь Республикасы Президенти Александр Лукашенко Бирликтеги билдириўге қол қойды.

Сапар етиў шеңберинде 19 ҳүжжет, соның ишинде, өз-ара саўдаға жәрдемлесиў системасы, санаат мүлкин қорғаў, бажыхана жумысларында өз-ара жәрдем ҳаққында, илим ҳәм технологиялар, аўыл хожалығы, денсаўлықты сақлаў, медицина, жоқары билимлендириў, мәденият ҳәм басқа да тараўларда бирге ислесиў ҳаққындағы келисим ҳәм шәртнамаларға қол қойылды.

Олардың арасында 2019-2023-жылларда социаллық-экономикалық бирге ислесиў ҳаққындағы ҳүкиметлераралық шәртнама ҳәм оны әмелге асырыў бағдарламасы айрықша әҳмийетке ийе.

Сапар етиў шеңберинде болып өткен исбилерменлер ҳәм ҳүкиметлераралық бирге ислесиў форумында улыўма нырқы 230 миллион доллардан аслам шәртнамалар менен келисимлерге қол қойылғаны атап өтилди.

Ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери менен ушырасыўда мәмлекет басшылары сөйлесиўлер ашық-айдын ҳәм өз-ара исеним руўхында өткени, оның нәтийжелери буннан былай да беккем ҳәм кең көлемли болатуғынын атап өтти.

Президент Шавкат Мирзиёев Беларусь Президентиниң соңғы 24 жылда мәмлекетимизге дәслепки рәсмий сапары шын мәнисинде тарийхый болғаны, өз-ара пайдалы бирге ислесиўди буннан былай да раўажландырыўға күшли пәт бағышлап, оны сапа жағынан жаңа, буннан былай да жоқары басқышқа алып шығатуғынын атап өтти.

Беларусь Президенти бул сапар етиў еллеримиздиң бирге ислесиўге умтылысы уқсаслығынан, ҳәр еки тәреп узақ перспективаға мөлшерленген қатнасықларды буннан былай да беккемлеўден мәпдар екенинен дәрек беретуғынын атап өтти.

Сол күни Президент Шавкат Мирзиёев ҳәм Президент Александр Лукашенко «Өзэкспоорай»да ашылған «Беларусьта ислеп шығарылған» көргизбесине барды.

Көргизбеге Беларусьтың 150 ден аслам кәрханасы өз өнимлери ҳәм хызметлери менен қатнаспақта. Олар өз елиниң аўыл хожалығы машина қурылысы, металлургия, химия санааты, турмыслық техника, азық-аўқат, тоқымашылық, медициана, билимлендириў ҳәм басқа да тараўлардағы жетискенликлерин көрсетти.

Александр Лукашенко Президентимизге Беларусь экономикасы, оның тийкарғы тармақларының потенциалы ҳаққында айтып берди.

Шавкат Мирзиёев Беларусь кәрханаларының ўәкиллери менен сәўбетлести. Жуўапкерлерге санаат кәрханалары ҳәм аймақлар арасындағы кооперацияны раўажландырыў ҳәм кеңейтиў бойынша анық көрсетпелер берди.

Мәмлекет басшылары жоқары технологиялар тараўындағы шерикликти кеңейтиў, соның ишинде, еки мәмлекеттиң инновациялық орайлары ҳәм технопарклери арасында өз-ара пайдалы бирге ислесиўди жолға қойыў және биргеликте бәсекиге шыдамлы өнимлер ислеп шығарыў зәрүрлигин атап өтти.

Президент Шавкат Мирзиёев ҳәм Президент Александр Лукашенко Ташкент аўыл хожалығы техникасы заводы аймағында шөлкемлестирилген «Амкодор-Агротехмаш» қоспа кәрханасының ашылыўында қатнасты.

Улыўма нырқы 33 миллион доллар болған бул жойбар 2018-2021-жылларда әмелге асырылады. Бүгин рәсмий түрде иске түсирилген биринши басқышта қурылыс ҳәм аўыл хожалығында пайдаланылатуғын 12 түрдеги эксковаторлар ислеп шығарылады. Жергиликлилестириў дәрежеси 2019-жылы 22 процентке, 2021-жылы кеминде 50 процентке жеткериледи.

Мәмлекетимиз басшысы өним түрин көбейтиў ҳәм жергиликлилестириў дәрежесин арттырыў зәрүрлигин атап өтти. Өзбекстанның географиялық жайласыўы аўыл хожалығы техникаларын регионымыз еллерине жеткерип бериў ушын қолайлы екенлиги атап өтилди.

Усы жерде қоспа кәрханада ислеп шығарылған дәслепки эксковаторлар көрсетилди.

Беларусь Республикасы Президенти Александр Лукашенконың Өзбекстан Республикасына рәсмий сапары даўам етпекте.