Усы жылдың 10-13-сентябрь күнлери аралығында Ташкент қаласында волейбол бойынша қызлар командалары арасында Өзбекстан суперкубогы ҳәм абсолют чемпионлығы ушын жарыс өткерилиўи жобаластырылған еди.

Онда быйылғы жылы Өзбекстан чемпионлығын қолға киргизген Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты командасы ҳәм Өзбекстан кубогы жеңимпазы Әндижан ўәлаяты командалары өз ара жарысқа түсти.

Жарыс даўамында Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты командасының спортшы қызлары қарсыласларына ҳеш қандай имканият қалдырмады. Есап 3:2, 3:1 ҳәм 3:0 көринисинде Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты командасы спортшыларының жеңиси менен жуўмақланды ҳәм институт қызлар командасы Өзбекстан супер кубогы және абсолют чемпионлығын қолға киргизди.

Спортшыларды жарысқа Қарақалпақстан Республикасында хызмет көрсеткен тренер ҳәм спорт устасы Азат Казаков таярлады.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.