Россия Орайлық банки 2018-жылдың 2-шереги даўамында Өзбекстанға жиберилген пул өткермелери көлемин жәриялады. Бул ҳаққында Kun.uz хабар бермекте.

Мағлыўматларға қарағанда, 2018-жыл апрель-июнь айларында Өзбекстанға жәми 1077 млн АҚШ доллары муғдарында пул жөнелтпелери жиберилген. Соның ишинде, РФ резидентлери тәрепинен 318 млн доллар жиберилген болса, резидент емес шахслар тәрепинен 759 млн доллар жиберилген. Бунда Россиядан Өзбекстанға бир мәрте пул өткермесиниң орташа муғдары 375 АҚШ долларына тең болды.

Өзбекстаннан Россияға апрель-июнь айларында 95 млн доллар жиберилген. РФ резидентлери тәрепинен 60 млн доллар жиберилген болса, усы мәмлекет резидент емес шахслары тәрепинен 35 млн доллар жиберилген. Бунда бир мәрте пул өткермесиниң орташа муғдары 875 АҚШ долларына тең болды.

Соны атап өтиў керек, 2-шеректеги Россиядан Өзбекстанға пул өткермелериниң көлеми өткен жылдың усы дәўирине салыстырғанда да, 2018-жылдың 1-шерегине салыстырғанда да артқан.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги