12-сентябрь күни 2005-2006-жыллары туўылған жас өспиримлер арасында спорттың жеңил атлетика түри бойынша Өзбекстан чемпионаты жарыслары болып өтти.

Чемпионатта Қарақалпақстан сайланды командасы қурамында қатнасып атырған Елликқала районы балалар ҳәм жас өспиримлер спорт мектебиниң тәрбияланыўшысы Фарруҳ Султанбаев 600 метр аралыққа өткерилген жарыста 1 минут 31 секунд нәтийже көрсетип, Өзбекстан рекордын жаңалады ҳәм 1-орынды қолға киргизди. Бул ҳаққында район ҳәкимлигиниң рәсмий сайты хабар бермекте.

Спортшыны жарысқа тренер Алтынбек Нурбаев таярлады.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги