Өзбекстан Президенти Шавкат Мирзиёевтиң мирәт етиўи бойынша Беларусь Президенти Александр  Лукашенко 2018-жыл 12-14-сентябрь күнлери рәсмий сапар менен елимизде болады.

Болажақ жоқары дәрежедеги ушырасыўлар менен пикирлесиўлерде еки тәреплеме бирге ислесиўге байланыслы кең көлемли мәселелерди додалаў, сиясий пикирлесиўди, саўда-экономикалық, инвестиция, илим ҳәм билимлендириў, мәдений-гуманитарлық ҳәм басқа да тараўлардағы өз-ара пайдалы бирге ислесиўди беккемлеўдиң ҳәм раўажландырыўдың узақ мүддетли перспективаға мөлшерленген тийкарғы бағдарларын белгилеп алыў режелестирилген.

Өзбекстан ҳәм Беларусь Президентлери регионаллық ҳәм халықаралық сиясаттың әҳмийетли мәселелери бойынша да пикир алысады.

Сапар шеңберинде Ташкент қаласында «Беларусда ислеп шығарылған» миллий көргизбеси шөлкемлестириледи, сондай-ақ, еки елдиң исбилермен топарлары ҳәм аймақлары басшыларының қатнасыўында бирликтеги бизнес ҳәм аймақлараралық бирге ислесиў форумы болып өтеди.

Жоқары дәрежедеги сөйлесиўлер жуўмағында мәмлекет басшыларының Бирликтеги билдириўи, Өзбекстан ҳәм Беларусь арасындағы көп қырлы дослық байланысларына жаңа пәт бағышлаўға қаратылған салмақлы мәмлекетлераралық, ҳүкиметлераралық ҳәм уйымлараралық келисимлерге ҳәм басқа да ҳүжжетлерге қол қойылыўы күтилмекте.

ӨзА