Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2018-жыл 3-февральдағы қарарына муўапық, Беруний районындағы 2  мектеп имаратында қурылыс-оңлаў жумысларын әмелге асырыў ҳәм жаңадан аўыллық шаңарақ поликлиникасын салыў Инвестициялық бағдарламаға киргизилген еди.

Бүгинги күнде районның «Палваш» мәкан пуқаралар жыйыны аймағындағы 9-санлы улыўма орта билим бериў мектебиниң қурылыс жумыслары «Комил сапалы қурылыс» жуўапкершилиги шекленген жәмийетиниң қолы гүл қурылысшылары тәрепинен толық орынланды. Усы күнге шекем бул жерде 180 оқыўшы тәлим-тәрбия алған болса, енди жаңадан 96 орынға мөлшерленген бөлмелер мектеп имаратына қосылғаны себепли 200 ге шамалас бала заманагөй шараятларда оқып билим алмақта. Бул қурылыс жумысларына жәми 1 миллиард 45 миллион сум қаржы қаратылды.

Сондай-ақ, «Саркоп» аўыл пуқаралар жыйынында жайласқан 48-санлы улыўма орта билим бериў мектебинде де ири оңлаў жумыслары жуўмақланып, мектеп жаңа оқыў жылында пайдаланыўға тапсырылды. Объектте «Беруний агро қурылыс» жуўапкершилиги шекленген жәмийети тәрепинен 2 миллиард 504 миллион сумлық жумыс әмелге асырылды.

Ал, «Беруний» аўыл пуқаралар жыйыны аймағында аўыллық шаңарақ поликлиникасын жаңадан қурыў ушын 2 миллиард 26 миллион сум қаржы ажыратылған болып, жақын күнлерде бул имарат та питкерилип, пайдаланыўға тапсырылмақшы.

М.Пирназарова,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы.