«Қудрат медиа» студиясы тәрепинен Әжинияз Қосыбай улының өмири ҳаққында сөз ететуғын «Зийўар» атлы тарийхый көркем фильм сүўретке алынбақта.

Фильмди сүўретке алыў жумыслар усы жылдың май айында басланған болып, ҳәзирги ўақытта жуўмақланыў алдында тур. Сүўретке алыў жумыслары Хийўа қаласында ҳәм Қарақалпақстанның белгили тарийхый орынларында болып өтпекте.

Режиссёры Қудрат Атажанов, сценария авторы Муратбай Нызанов есапланған бул тарийхый фильмде Қарақалпақстан Республикасының белгили көркем өнер ғайраткерлери роль атқармақта.

Фильмде бас қаҳарман – Әжинияздың ролин Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтының музыкалық тәлим бағдарының 3-курс студенти Айбек Жамалов атқармақта.

Бас қаҳарманның роли ушын кастингде 250 ден аслам талабанлар қатнасқан болып, онда НМПИ студенти Айбек Жамалов айтыс өнериндеги қәбилети себепли фильм дөретиўшилери тәрепинен бас рольге сайлап алынған.

Мағлыўмат ушын, Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтының студенти Айбек Жамалов 2014- ҳәм 2016-жыллары Қазақстан Республикасының Алматы қаласында өткерилген «Жас ақындар сайысы» халықаралық таңлаўында 1- ҳәм 3-орын жеңимпазы болған. Сондай-ақ, 2017-жылы Алматыда өткерилген «Ақындар» халықаралық таңлаўына қатнасып, 3-орынды жеңип алған. 2017-жылы декабрь айында Нөкис қаласында жас атқарыўшылар арасында өткерилген «Қутлы болсын жаңа жыл» бақсылар айтысында 2-орынды ийелеген.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.