Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтының рәсмий веб-сайты http://ndpi.uz сайты жаңа дизайнда жумыс баслады.

Сайтта мағлыўматлар қарақалпақ, өзбек, рус ҳәм инглис тиллеринде жәрияланыўы жобаластырылған.

Сайт ҳәзирше тест режиминде жумыс алып бармақта.

Сондай-ақ, жаңа оқыў жылы алдынан институттың жаңа логотипи де ислеп шығылды. Логотиптиң ортасында Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтының 2019-жылдың ақырына шекем пайдаланыўы жобаластырылған жаңа корпусының сыртқы көриниси сәўлеленген. Логотиптиң жоқары тәрепинде Әжинияз Қосыбай улының «Бул дүньяның көрки – адам баласы» деген философиялық қатарлары орын алған.

Сондай-ақ, логотиптиң төменги тәрепинде институттың толық аты ҳәм тийкар салынған жылы «1934» жыл көрсеткиши орналастырылған.

Қарақалпақстандағы дәслепки жоқары оқыў орны екенлигин аңлатыў мақсетинде қарақалпақ халқының миллий нағыслары логотиптиң жоқары тәрепинде ярым шеңбер формасында сәўлеленген.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.