Фото: Мийманлар Кегейлиде

Алдын хабар еткенимиздей, 2017-жыл 9-сентябрь күни Кегейли районында да «Халық пенен пикирлесиӯ ҳәм инсан мәплери » жылы мүнәсибети менен «Уллы келешегимизди мәрт ҳәм кеңпейил халқымыз бенен бирге қурамыз!» атлы үгит-нәсият илажы өткерилди.

Усы мүнәсибет пенен елимизде сапарда болып турған мийманларды район белсендилери салтанатлы түрде күтип алды.

Илаж район орайындағы орта арнаўлы билимлендириў мәкемелери ҳәм кәсип-өнер колледжлеринде, мәденият ҳәм халықтың дем алыў орайында, райондағы спорт майданшасында – жәми 7 орында өткерилди. Оған елимизге белгили театр ҳәм кино актёрлары, шайыр-жазыӯшылар, эстрада қосықшылары менен мәнаўият үгит-нәсиятшылары қатнасты.

Кегейлиде орынларда болып өткен байрам илажларына райондағы спорт майданшасында өткерилген кештеги гала концерт жуўмақ жасады.

Гала концертке жәми 1250ден аслам жаслар ҳәм район халқы қатнасты.

Фото: Кегейлидеги илаждан көринислер

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги