2018-жылдың 10-сентябрь күнинен баслап мобиль ҳәм сымлы байланыс системаларына 9 цифрлы система енгизиледи.

Kun.uz сайтының хабар бериўинше, бүгиннен баслап Ташкент қаласы ҳәм Ташкент ўәлаятында жаңа цифрлаў тәртиби енгизиледи.

1-октябрьден баслап усы аймақ абонентлери ушын тек ғана 9 ханалы телефон номерлери әмел етеди.

Енди қалалар аралық байланыс ушын 8 (0) арқалы шығыў тарийхта қалмақта, пүткил Өзбекстан аймағы бирден-бир тарификация ҳәм номерлеў системасына өтпекте.

Өзбекстанның басқа аймақлары сыяқлы Қарақалпақстан Республикасында да 9 ханалы телефон номерли системаға өтиў айрықша кесте тийкарында әмелге асырылады ҳәм бул ҳаққында қосымша мағлыўмат берип өтемиз. Мағлыўматларға қарағанда, бул процесс 2018-жылдың ақырына шекем жуўмақланады.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.