USD 10500.03
EUR 12607.39
RUB 140.7

Жума, 29 Март

Сайт тест режиминде ислеп тур. Қолайсызлықлар ушын кеширим сораймыз.

ПРЕЗИДЕНТ ШАВКАТ МИРЗИЁЕВТИҢ ХАЛЫҚАРАЛЫҚ МАҚАМ ӘНЖУМАНЫНЫҢ АШЫЛЫЎ МӘРЕСИМИНДЕГИ ШЫҒЫП СӨЙЛЕГЕН СӨЗИ

Ҳүрметли халықаралық әнжуман қатнасыўшылары!

Қәдирли дослар!

Ханымлар ҳәм мырзалар!

Бүгин кеңпейил, миймандос, көркем өнерди сүйиўши өзбек елинде үлкен байрам, үлкен қуўаныш.

әзиз Ўатанымыздың гөззал ҳәм тәкирарланбас дәргайларынан бири Шаҳрисабз жеринде, уллы Әмир Темур бабамыз қурған саўлатлы Ақсарай майданында Халықаралық мақам көркем өнериниң әнжуманы салтанатлы түрде ашылмақта. Сол мүнәсибет пенен сиз, әзизлерди, өз өмирин музыка дүрданасы болған мақам көркем өнерине бағышлаған пидайы инсанларды шын кеўлимнен қутлықлайман.

Бүгинги салтанатымызда қатнасып атырған жоқары мәртебели мийманларымыз  ЮНЕСКО, Азия фольклор дөретиўшилик шөлкеми сыяқлы абырайлы халықаралық структуралардың ўәкиллерине айрықша миннетдаршылық билдиремиз.

Россия Федерациясы Президентиниң кеңесгөйи Владимир Ильич Толстойға, Қырғызстан Республикасы Президентиниң кеңесгөйи Султанбай Райевқа, Қазақстан Республикасы мәденият ҳәм спорт министри Арстанбек Муҳаммед улына, Тәжикстан Республикасы мәденият министри Шамсиддин Ўрумбекзодаға, Әзербайжан Республикасы мәденият министри Абульфас Гараевқа, Түркия Республикасы мәденият ҳәм туризм министриниң биринши орынбасары Аҳмат Халук Дурсунға өз миннетдаршылығымызды билдиремиз. Олардың еллеринде де мине усындай көркем өнер байрамлары көп болсын ҳәм оларда қатнасыў бизге де несип етсин.

Және бир қатар мәмлекетлердиң мәденият тараўы басшыларын, сырт еллердиң Өзбекстандағы ҳүрметли елшилерин шын жүректен қутлықлап, терең миннедаршылық билдириўге рухсат еткейсиз.

Биз сизлердиң тымсалыңызда тынышлық ҳәм жақсылық ғайраткерлерин, халқымыздың ҳәм мәдениятымыздың ҳақыйқый досларын көремиз.

Хош келдиңиз Өзбекстанға, Хош келдиңиз Шаҳрисабзға!

Ҳүрметли әнжуман қатнасыўшылары!

Елимизде биринши мәрте өткерилип атырған усы көркем өнер байрамында дүньяның 73 мәмлекетинен келген 300 ге шамалас қатнасыўшылар ҳәм мийманлар қатнаспақта. Олардың арасында тек ғана өз елинде емес, ал дүнья көлеминде де белгили қосықшы ҳәм сазенделер, мәденият ҳәм көркем өнер ғайраткерлери, музикатаныўшы илимпазлардың барлығы бәршемизге үлкен қанаатланыўшылық бағышлайды.

Бүгин Шаҳрисабздың көк гүмбезлери астында дүньядағы көплеген халықлар менен еллердиң музыкалық ғәзийнесине айланған, өзиниң терең философиясы, илаҳий қүдирети менен мың-мыңлаған кеўиллерди ашық ететуғын мақам сазалары жаңламақта.

Ҳақыйқатында да, биз ушын бийбаҳа көркем энциклопедия болған мақам көркем өнери әсирлер, неше жүз жыллар даўамында инсан руўхын, оның дәрт-әрманларын, ийгиликли умытылысларын жоқары перделерде жаңлатып келмекте.

Шығыс классикалық әдебияты, сүўретлеў көркем өнери, илим ағартыўшылық, исламый қәдириятлардан азықланған мақам көркем өнерине- мине усындай уллы мәдений мийрастың раўажланыўына өзбек халқы да мүнәсип үлес қосқаны менен биз ҳақылы түрде мақтанамыз.

Бул сийрек гезлесетуғын байлықты көз қарашығындай қәстерлеп сақлаў, оннан дүнья халқының суўсынланыўы, келешектеги әўладларға зыян жеткермей жеткериў түрли материк ҳәм еллердиң ўәкиллерин бул гөззал мәканда жәмленген әнжуманымыздың тийкарғы мақсети болып табылады.

Қәдирли дослар!

Бүгинги көркем өнер форумын мине усы Шаҳрисабз қаласында шөлкемлестиргенимиз бийкарға емес, әлбетте.

Бул қала өзиниң 2700 жыллық ески тарийхы даўамында аўыр ҳәм машақатлы сынақларды, қәўип-қәтерли заманларды өз басынан кеширди. Бирақ ҳәр қандай қыйын дәўирлер, урыс ҳәм басып алыўлар, тәбийғый апатшылықлар да оны тарийх бетинен өшире алмады.

Шаҳрисабз уллы сәркарда ҳәм мәмлекетлик ғайраткер, мәденият ҳәм көркем өнер қәўендери Саҳыпқыран Әмир Темур бабамыз камалға келген уллы мәскан сыпатында да дүньяға белгили ҳәм танымалы.

Бул қала әййем-әййемнен уллы илимпазлар менен шайырларды, көркем өнер ҳәм мәденият ғайраткерлери, қолы гүл усталары, шебер өнерментлери менен даңққа бөленип келеди. Оның қушағындағы бийбаҳа архитектуралық естеликлер, бийбаҳа мийраслар бул ҳақыйқатты анық тастыйықлайды.

Бүгинги күнде халқымыздың дөретиўшилик потенциалы, пидәкерли мийнети менен Шаҳрисабз елимиздиң ең абат мәсканларынан бирине, заманагөй мәденият ҳәм туризм орайына айланып баратырғаны бәршемизди қуўандырады.

Ҳүрметли мийманлар!

Уллы Жипек жолының бойында жайласқан Өзбекстан жери әййемги цивилизация, мәденият ҳәм көркем өнер  бесиклеринен бири болып киятырғаны, мен ойлайман, сизлерге жақсы белгили.

Самарқанд ўәлаятының Мўминабат аўылынан табылған 3 мың жыллық най  әсбабы, Термиз жанындағы Айрытам археологиялық естелигинед сәўлеленген сазенделердиң сүўрети ҳәм басқа да көплеген мысаллар миллий музыка көркем өнеримиз, сөзсиз, бай ҳәм әййемги тарийхқа ийе екенинен дәрек береди.

Уллы шайыр ҳәм ойшыл Мир Әлийшер Наўайы бабамыздың мине усы «нама», яғный, музыкалық ырғақ, деген сөзди өзлерине лақап етип, пүткил дүньяға даңқ таратқанын барлығымыз жақсы билемиз.

Халқымыз көркем ой-пикирдиң жемиси болған «Шошмақам», яғный, алты мақамды, керек болса, алты әзим дәрьяға теңеў мүмкин.  Бул дәрьялар әсирлер даўамында дүнья мәдениятының ағысына қуйылып, оны ҳәр тәреплеме толтырып, байытып келмекте. Соның ушын да бул әжайып музыкалық дүрдана ЮНЕСКО тәрепинен дүнья мәдений мийрасының дизимине киргизилгени терең мәниске ҳәм әҳмийетке ийе, деп ойлайман.

Әзелден көркем өнерди, музыканы пүткил қәлби менен сүйетуғын, дөретиўши халықты мүнәсип қәдирлейтуғын ел-халқымыз бүгинги әнжуманды үлкен қуўаныш ҳәм толқынланыў менен күтип алмақта.

Бүгин биз мине сондай үлкен мәнаўий байлықтың қәлиплесиўинде ҳәм раўажланыўында, бул мәңги жасайтуғын көркем өнердиң бизге шекем жетип келиўинде теңсиз хызмет көрсеткен уллы шайырлар менен ойшыллар, композитор ҳәм сәзенделер, уллы ҳапызлардың естелигин ҳүрмет-иззет пенен еслеймиз.

Әзиз дослар!

Бүгинги заманда барлық жақсы нийетли инсанларды бирлестириў, жасларды жоқары гуманистикалық идеаллар руўхында тәрбиялаўда музыка көркем өнериниң орнын ҳәм әҳмийетин ҳеш нәрсе менен өлшеп, баҳалап болмайды, десек, ҳақыйқатты айтқан боламыз.

Егер биз нағыз, ҳақыйқый көркем өнерди билмекши, үйренбекши болсақ, бәринен бурын, классикалық мақам көркем өнерин билиўимиз, үйрениўимиз керек.

Егер биз көркем өнерди, мәдениятты көтермекши болсақ, бәринен бурын, классикалық мақам көркем өнерин көтериўимиз керек.

Мақам ырғақлары, мақам руўхы ҳәм философиясы ҳәр бир инсанның кеўлинен, бәринен бурын, өсип киятырған жас әўладымыздың санасы ҳәм жүрегинен терең орын алыўы ушын бар имканиятларымызды иске салыўымыз зәрүр.

Мақам көркем өнериниң мәдений турмысымыздағы мине сондай теңсиз тәсирин инабатқа алып, елимизде бул бағдарда кең көлемли жумыслар әмелге асырылмақта.

Әлбетте, сизлер әнжуман күнлеринде кәсиплес досларыңыз, көркем өнер ықласбентлери менен пикирлесип, әне усындай жумыслар менен ҳәр тәреплеме танысыў имканиятына ийе боласызлар.

Мен ойлайман, бүгинги әнжуман алдымызда турған әҳмийетли теориялық-әмелий машқалаларды ҳәр тәреплеме додалаў, бул бағдарда халықаралық тәжирийбе, заманагөй мәлимлеме-коммуникация технологияларынан, интернет имканиятларынан кеңнен пайдаланыў, түрли мәдений ҳәм дөретиўшилик шөлкемлер арасында бирге ислесиўди күшейтиў, өз-ара барыс-келислерди жолға қойыў бойынша усынысларды ислеп шығыўы мақсетке муўапық болар еди.

Сол мәниде, әнжуман шеңберинде өткерилетуғын «Мақам музыка көркем өнери ҳәм оның дүнья цивилизациясында тутқан орны» атамасындағы халықаралық илимий-әмелий конференция бул жолдағы әҳмийетли қәдем болатуғыны тәбийғый.

Пурсаттан  пайдаланып, бүгинги көркем өнер байрамын жоқары дәрежеде өткериў ушын өзин аямай, пидәкерли мийнет еткен барлық инсанларға, миймандос ҳәм кеңпейил Қашқадәрья ўәлаятына ҳәм Шаҳрисабз халқына әнжуман қатнасыўшылары атынан, халқымыз атынан шын жүректен миннетдаршылық билдириўге рухсат еткейсиз.

Ҳүрметли дослар!

Әзиз мийманлар!

Сизлердиң тикеллей қатнасыўыңызда басланып атырған бүгинги халықаралық әнжуман даўамлы болып, алыс ҳәм жақын регионларда мақам көркем өнериниң раўажланыўын жаңа басқышқа көтериў ушын тийкар болып хызмет етеди, деп исенемен.

Барлығыңызды халықаралық әнжуманның ашылыўы менен және бир мәрте қызғын қутлықлайман.

Кеўиллерди кеўиллерге, еллерди еллерге байланыстыратуғын мақам көркем өнеримиз бәрқулла гүллеп-жайнасын!

Оның пидайылары бәрқулла бар болсын, аман болсын!

Барлығыңызға саў-саламатлық, ийгиликли  ислериңизде жаңа дөретиўшилик жетискенликлер, әнжуман жумысына табыслар тилеймен.

Үлкен рахмет сизлерге, және бир мәрте хош келдиңиз Өзбекстанға!

Итибарыңыз ушын рахмет.