Фото: Мийманлар Қараөзекте

Алдын хабар еткенимиздей, Президентимиз Ш.Мирзиёевтың «Уллы келешегимизди мәрт ҳәм кең пейил халқымыз бенен бирге қурамыз!» китабында алға қойылған идеяларды халыққа турмыслық мысаллар менен үгит-нәсиятлаў мақсетинде елимизде мийманда болып турған Республикаға белгили бир топар көрнекли мәденият, көркем өнер ҳәм әдебият ўәкиллери 9-сентябрь күни Қараөзек районында да болды.

Районда болып өткен илажларда белгили актёрлар, көркем өнер ғайраткерлери, жазыўшы-шайырлар район халқы менен ушырасты.

Илаж халық пенен ашықтан-ашық пикирлесиў, өз-ара сораў-жуўап жағдайында жүдә тәсирли, есте қаларлықтай болып өтти.

Фото: Қараөзектеги илаждан көринислер

Қарақалпақстан хабар агентлиги