«Өзбекстан» халықаралық әнжуманлар сарайында Ўатанымыз ғәрезсизлигиниң 27 жыллығына бағышланған байрам салтанаты болып өтти.

Ғәрезсизлик – уллы жемис. Ол барлық халықларды дүнья жәмийетшилигинде теңлер ишинде тең, өз орнына ҳәм өз сөзине ийе болыў бахтына миясар ететуғын ең әзиз байрам.

1991-жыл 31-август – елимиз мине усындай тарийхый жеңиске ерискен уллы сәне. Ата-бабаларымыздың әсирлик әрманы жүзеге шыққан, миллий өзлигимизди, қәддимизди ҳәм қәдиримизди тиклеген бул күнди халқымыз ҳәр жылы үлкен қуўаныш пенен белгилейди.

Ғәрезсизликтиң қәдир-қымбаты ҳәм әҳмийети жылдан-жылға артып бармақта. Елимиз раўажланыўдың жаңа басқышына қәдем қойып, барлық тараўлар менен тармақларда түпкиликли реформалар әмелге асырылмақта, демократиялық жаңаланыў процесслери болмақта. Өткен дәўир еркин ҳәм абадан турмысты, уллы келешекти тек ҳәм тек ғана ғәрезсизлик тийкарында көриў мүмкин екенлигин көрсетти.

Сол мәниде, елимиз ғәрезсизлигин, оның менен байланыслы тарийхый сәнелер менен ўақыя-ҳәдийселердиң мәнисин терең аңлаў ҳәм қәдирлеў, ҳәр тәреплеме мүнәсип белгилеў жәмийетлик-сиясий, мәнаўий турмысымызда айрықша орын ийелейди.

Президентимиз Шавкат Мирзиёевтиң 2018-жыл 28-июньдеги қарарына муўапық, Өзбекстан Республикасы мәмлекетлик ғәрезсизлигиниң жигирма жети жыллық байрамына үлкен таярлық көрилди.

Тийкарғы салтанатлар 31-август күни «Өзбекстан» халықаралық әнжуманлар сарайында болып өтти. Онда мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик шөлкемлердиң ўәкиллери, ҳүкимет ағзалары, министрликлер менен уйымлардың хызметкерлери, түрли тараўларда жумыс алып барып атырған ўатанласларымыз, дипломатиялық корпус ҳәм халықаралық шөлкемлер ўәкилханаларының басшылары қатнасты.

Сарайға Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев кирип келди.

Мәмлекетимиз басшысы минберге мирәт етилди. Президентимиз ғәрезсизлигимиздиң жигирма жети жыллығы менен халқымызды қутлықлап, шығып сөйледи.

Өзбекстан Республикасының Мәмлекетлик гимни жаңлады. Салтанат қатнасыўшылары қолларын көксине қойып, ғәрезсизлик қосығын биргеликте атқарды. Нама ырғақларында Ўатан көринислери, ғәрезсизлик тарийхы сәўлеленеди.

Бүгин жерлеслеримиз тилинде «Әзиз ҳәм жалғызымсан, жанажан Өзбекстаным!» деген сөзлер жаңлап, кеўиллерден кеўиллерге өтпекте.

Әдетте, адам туўылған күни ямаса байрамларда жасаған өмири, әмелге асырған ҳәм үлгермеген жумыслары, ерискен жетискенликлериниң жуўмағын шығарады. Хош, соңғы бир жылда елимизде қандай реформалар, дөретиўшилик жумыслары әмелге асырылды, жерлеслеримиз турмысында нелер өзгерди, елимиз экономикасы қаншелли жоқарылады!

Мәмлекетимиз басшысының жүргизип атырған дана сиясаты нәтийжесинде Өзбекстан өз раўажланыўының жаңа басқышына қәдем қоймақта. «Еркин ҳәм абадан, демократиялық Өзбекстан мәмлекетин мәрт ҳәм кеңпейил халқымыз бенен бирге көремиз», деген принципке тийкарланып елимизди модернизациялаў, мәмлекетлик басқарыў системасының сапасын ҳәм нәтийжелилигин жоқарылатыў бойынша түп-тийкарынан реформалар әмелге асырылды. Басқарыў уйымларының жумысы жетистирилип, көплеген министрликлер менен уйымлар қайта шөлкемлестирилди, жаңа шөлкемлер дүзилди.

Президентимиз тәрепинен ислеп шығылған Ҳәрекетлер стратегиясында белгиленген тийкарғы бағдарлар халқымыздың келешекке болған исенимин буннан былай да беккемледи.

«Инсан мәплери – ҳәмме нәрседен үстин», «Халық мәмлекет уйымларына емес, ал мәмлекетлик уйымлар халқымызға хызмет етиўи керек», деген уллы принциплерге муўапық, халық пенен пикирлесиўдиң заманагөй ҳәм нәтийжели системасы жолға қойылды. Бунда халық пенен турақлы ҳәм ашық пикирлесиўдиң өткерилип атырғаны бар машқалаларды орнында шешиўге, халқымыз абаданлығын арттырыўға хызмет етпекте.

Елимизде 2018-жыл Белсенди исбилерменликти, инновациялық идеяларды ҳәм технологияларды қоллап-қуўатлаў жылы, деп жәрияланды. Бул бағдарда қабыл етилген Мәмлекетлик бағдарламада 11 триллион 200 миллиард сум ҳәм 1 миллиард 300 миллион АҚШ доллары көлеминдеги жумысларды әмелге асырыў нәзерде тутылған. Бағдарламаның орынланыўын тәмийинлеў ушын кең көлемли избе-из жумыслар алып барылмақта.

Көрилип атырған мине усындай системалы илажлар экономикамызды ҳәм социаллық турмысымызды турақлы раўажландырыўға хызмет етип атыр. Бир ғана санаат тараўын жедел раўажландырыў мақсетинде еркин экономикалық зоналар ҳәм киши санаат аймақлары шөлкемлестирилди. Бул зоналарда жүзлеген жойбарлар әмелге асырылды. Буның нәтийжесинде бурын үлкен муғдардағы валюта орнына сырттан импорт етилген көплеген өнимлерди өзимизде ислеп шығарыў өзлестирилди. Аўыл хожалығында заманагөй, перспективалы тармақларға тийкар салыў, кластер системасын жолға қойыў, фермер хожалықларының нәтийжелилигин арттырыўға айрықша итибар қаратылып атыр.

Халықты, әсиресе, ҳаял-қызларды ҳәм жасларды жумыс пенен тәмийинлеў әҳмийетли ўазыйапалардан бири болып есапланады. Бул бағдарда да әмелий  көзқараслар ҳәм қатнаслар өзгерди. Адамлардың мийнетке қызығыўшылығы артып, бизнес пенен шуғылланыў тилегинде болғанлардың саны көбейди. Ҳәр бир шаңарақта исбилерменлик орталығы қәлиплесе баслады.

Кейинги еки жылда елимиз бойынша  700 мыңнан аслам адамның жумыс пенен тәмийинленгени, олардың тийкарғы бөлими исбилерменликтиң үлесине туўра келгени мине сондай ис-ҳәрекетлердиң нәтийжеси болып табылады.

Мағлыўматларға қарағанда, елимизде халықтың реал улыўмалық дәраматы өткен жылдың усы дәўирине салыстырғанда 12 процентке өскен. Бул исбилерменликти, шаңарақлық бизнес, хызмет көрсетиў, қыйтақ жер хожалықларын раўажландырыўға қаратылып атырған турақлы итибардың әмелдеги көриниси.

Ҳәзирги ўақытта әмелге асырылып атырған «Ҳәр бир шаңарақ-исбилермен» бағдарламасы да исбилерменлик пенен шуғылланыў тилегинде болған халықтың басламаларын ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў, оларға жеңиллетилген кредитлер ажыратыў ҳәм исбилерменлик жумысын шөлкемлестириў менен әмелге асырыўдың ҳәр бир басқышында жуўапкер уйымлар тәрепинен системалы әмелий жәрдем көрсетилиўин тәмийинлеўге қаратылғаны менен әҳмийетли.

Жаслардың заманагөй билим ҳәм кәсип-өнерлерди пуқта ийелеўи, қәбилетин ҳәм потенциалын толық жүзеге шығарыўы ушын кең имканиятлар жаратылмақта, жаңа жоқары оқыў орынлары, сырт елдеги абырайлы университетлердиң филиаллары шөлкемлестирилип атырғаны, қабыллаў квоталарының арттырылғаны, көп ғана бағдарлар бойынша сыртқы бөлимлердиң ашылғаны мине солардың қатарына киреди.

Жасларға байланыслы мәмлекетлик сиясатты избе-из даўам еттириў мақсетинде қабыл етилген «Жаслар – келешегимиз» Мәмлекетлик бағдарламасы да жигит-қызлар ушын имканиятларды буннан былай да кеңейтти. Бул бағдарламаның орынланыўы ушын 786 миллиард сум қаржы қаратылған. Соның нәтийжесинде 100 мыңнан аслам жаслардың бәнтлиги тәмийинленеди.

Бағдарлама шеңберинде 46 район ҳәм қаладағы мәкан пуқаралар жыйындарында «Жаслар мийнет гүзары» ҳәм «Жас исбилерменлер» орайы қурылмақта.

Елимизде суд-ҳуқық системасын және де реформалаў бағдарында да кең көлемли жумыслар әмелге асырылмақта. Ҳуқықбузарлыққа ҳәм жынаятшылыққа қарсы гүресиў, «Нызам ҳәм әдиллик – үстин», «Жынаятқа жаза бар» принциплери ҳәм «Жынаятшылыққа қарсы гүресиў ҳақыйқаты ҳәм әдалаты» сүрени астында алып барылып атырған жумыслар жоқары нәтийже бермекте.

Халқымыз бүгинги реформалардың нәтийжесин өз турмысы мысалында сезип атыр. Заманагөй турақ жай ҳәм тутыныў товарларына ийе болыў менен бирге, қәнигели медициналық хызметтен пайдаланыў сыяқлы турмыслық талап ушын да шараятлар менен имканиятлар кеңеймекте.

Халықтың турмыс дәрежесин ҳәм сапасын жетилистириў мақсетинде әмелге асырылып атырған «Абат аўыл» ҳәм «Абат мәҳәлле» бағдарламалары елимиздиң ең шетки аймақларына да жаңаланыў нәпесин, дөретиўшилик руўхын алып кирди. Адамлардың пикири, көз қарасы өзгерип, аўылда турмыс мәденияты артпақта.

Бул бағдарламалар шеңберинде 416 аўылда ҳәм 105 мәҳәлледе қурылыс-абаданластырыў жумыслары жедел даўам етпекте.

Адамлардың заманагөй турақ жайға болған талап ҳәм зәрүрликлери тийкарында 2017-жылы елимиз бойынша 8 мың 121 шаңараққа мөлшерленген 191 арзан, көп қабатлы турақ жай қурылған. Бул ийгиликли баслама быйылғы жылы да даўам еттирилип, усы күнлерде және 335 көп қабатлы турақ жай пайдаланыўға тапсырылмақта. Елимиз бойынша 13 мың 900 ден аслам шаңарақ жаңа квартираларға көшип өтеди. Бул 2017-жылға салыстырғанда 2 есеге көп.

Кейинги бир ярым жылда жаңаланған жойбарлар тийкарында аўыл халқы ушын 38 мың 543 ықшам турақ жай қурылды. 40 мың шаңарақ жаңа квартираға көшип өтти. Быйыл және 35 мың шаңараққа мөлшерленген 27 мың 500 ге шамалас усындай жайлар қурылмақта. Кем тәмийинленген, майыплығы болған инсанлардың талап ҳәм зәрүрликлери де турақлы итибарда. Буны кейинги еки жылда 1000 нан аслам усы топарға киретуғын ўатанласларымыз турақ жай менен тәмийинленгенинде де айқын көриў мүмкин.

«Халық бай болса, мәмлекет те бай ҳәм қүдиретли болады», деген идея тийкарында халыққа кең имканиятлар бериўге, оның реал дәраматларын көбейтиўге, исбилерменликти және де раўажландырыўға, жумыс орынларын жаратыўға, экспорт көлемин кеңейтиўге айрықша итибар қаратылмақта.

Дүнья жәмийетшилиги, әсиресе, қоңсылас мәмлекетлер менен қатнасықларымыз буннан былай да жақсыланды. Президентимиздиң дәслепки сапар етиўлери қоңсылас мәмлекетлерге әмелге асырылды. Өз-ара бәсеки емес, бирге ислесиў принципи экономикалық имканиятларды кеңейтти, регионаллық қәўипсизлик, миллетлер аралық аўызбиршиликти және де беккемледи.

Халықаралық экспертлер мәмлекетимиз басшысы тәрепинен алып барылып атырған сыртқы сиясатты жоқары баҳалап, елимиздиң тынышлық сүйер, прагматикалық сыртқы сиясаты себепли Орайлық Азия регионындағы қоңсылас мәмлекетлер менен өз-ара исеним ҳәм дослықтың тиклениўи әҳмийетли ўақыя екенин атап өтпекте.

Өзбекстан Бирлескен Миллетлер Шөлкеми, Ғәрезсиз Мәмлекетлердиң Дослық Аўқамы, Шанхай бирге ислесиў шөлкеми, Ислам бирге ислесиў шөлкеми сыяқлы халықаралық структуралар менен байланысларды жаңа басқышта даўам еттирмекте. Буны Президентимиздиң быйылғы жылы Тәжикстан, Қазақстан, Америка Қурама Штатлары, Қытай ҳәм Түркменстанға сапар еткени, Түркия, Түркменстан ҳәм Тәжикстан мәмлекетлери Президентлери елимизге келгени мысалында да көриў мүмкин.

Бул мәселелер байрам тамашасында ҳәр қыйлы тиллерде жаңлаған қосықлар, миллий-этнографиялық топарлардың шығыўларында айқын көринди.

Байрам бағдарламасы ҳәр қашанғыдан өзгеше болды. Саз ҳәм намалар қосықлар менен үйлесип кетти. Ўатан, ғәрезсизлик ҳәм мәртлик жырланған қосықлар, әсиресе, балалардың шығыўы ҳәммеге көтериңки кейпият инам етти. Әскерлеримиздиң мәртликке толы ҳаўазы жүреклерге жетип барды. Дүнья классикалық музыкалары заўық бағышлады. Салтанатлы мәресим көркем өнер шеберлериниң бирликте атқарған «Өзиңнен қоймасын, халқым!» қосығы менен жуўмақланды.

Байрам илажлары мәмлекетимиздиң барлық қала ҳәм аўылларында даўам етпекте.

 

Алоуддин ҒАФФОРОВ,

ӨзАның хабаршысы