Жол ҳәрекети қәўипсизлиги күнин өткериў ҳәм жол-транспорт ҳәдийселери профилактикасының нәтийжелилигин арттырыў илажлары ҳаққындағы Ҳүкиметлик қарар қабыл етилди. Бул ҳаққында Әдиллик министрлигиниң «Ҳуқуқий ахборот» каналы хабар бермекте.

«Жол ҳәрекети қәўипсизлигин үгит-нәсиятлаў күни» шеңберинде әмелге асырылып атырған илажларды қадағалаў, мониторингин алып барыў, сондай-ақ, ўәкилликли органлар ҳәм мәкемелердиң жумысларын муўапықластырыў Ҳуқықбузарлықлар профилактикасы ҳәм жынаятшылыққа қарсы гүресиў бойынша республикалық мәкемелер аралық комиссиясы тәрепинен әмелге асырылады.

Қарарға муўапық, «Жол ҳәрекети қәўипсизлигин үгит-нәсиятлаў күни»н өткериў бойынша бағдарлама тастыйықланды.

Сондай-ақ, усы ҳүжжет тийкарында Ишки ислер министрлигиниң тийисли шөлкемлер менен биргеликте кең жәмийетшилик қатнасыўында ҳәр айдың үшинши жума күнинде «Автомобильсиз күн» акциясы өткерилиўин жолға қойыў белгиленди.

Сондай-ақ, Халық билимлендириў министрлигине тийисли министрликлер менен биргеликте «Өмир қәўипсизлиги» мәжбүрий пәнин енгизиў бағдарламаларын ислеп шығыў ўазыйпасы жүклетилди.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.