Елимиз ғәрезсизлигиниң 27 жыллығы мүәсибети менен Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң атына сырт еллер ҳәм ҳүкиметлер басышларынан шын жүректен қутлықлаўлардың келиўи даўам етпекте. Оларда мәмлекетимиз басшысына саламатлық ҳәм табыслар, Өзбекстан халқына тынышлық-татыўлық ҳәм абаданлық тилеп, жақсы тилеклер билдирилген.

Өзбекстан Республикасы Президенти

Уллы Мәртебели Мырза Шавкат Мирзиёевқа

Сизди миллий байрам-Өзбекстан Республикасы мәмлекетлик ғәрезсизлиги күни менен шын жүректен қутлықлайман.

Россияда дос Өзбекстанның социаллық-экономикалық раўажланыў бағдарында ерисип атырған жетискенликлери, мәмлекетимиздиң халықаралық майдандағы абырайының өсип баратырғаны қанаатланыўшылық пенен тән алынбақта.

Мәмлекетлеримиз арасындағы дослық ҳәм жақсы қоңсышылық ийгиликли жақсы дәстүрлерге тийкарланған қатнасықлар жоқары дәрежеге көтерилген. Биз биргеликтеги ис-ҳәрекетлеримиз бенен еки тәреплеме стратегиялық шериклик ҳәм аўқамласлық қатнасықларын, сондай-ақ, регионаллық мәселелер бойынша конструктив бирге ислесиўди буннан былай да жедел раўажландырамыз. Бул халықларымыздың мәплерине толық жуўап береди ҳәм Орайлық Азияда қәўипсизликти ҳәм турақлылықты тәмийинлеў бағдарындағы ҳәрекетлеримизге сәйкес келеди.

Сизге, ҳүрметли Шавкат Миромонович, беккем денсаўлық ҳәм табыс, Өзбекстанның барлық пуқараларына бахыт-ығбал ҳәм тынышлық тилеймен.

Ҳүрмет пенен,

Владимир ПУТИН,

Россия Федерациясы Президенти

   *   *   *

Өзбекстан Республикасы Президенти

Уллы Мәртебели Мырза Шавкат Мирзиёевқа

Ҳүрметли Президент Мырза!

Сизди ҳәм пүткил Өзбекстан халқын Өзбекстан Республикасы мәмлекетлик ғәрезсизлигиниң 27 жыллығы мүнәсибети менен шын жүректен қутлықлаўға рухсат еткейсиз.

Өзбекстан Республикасы ғәрезсизлик жылларында сиясат, экономика ҳәм жәмийетлик раўажланыў тараўларында жоқары тән алыўға ылайық жетискенликлерди қолға киргизди.

Сиз, Уллы Мәртебели Мырза басшылығында әмелге асырылып атырған ҳәм салмақлы  нәтийжелер берип атырған реформалар сиясаты айрықша мақтаўға мүнәсип.

Сизиң басшылығыңызда Өзбекстан Республикасы өз раўажланыўында жаңа ҳәм және де жоқары шеклерге ерисетуғынына исенемен.

Еллеримиз 1992-жылда дипломатиялық қатнасықларды орнатқанынан берли исеним ҳәм дослық принциплери тийкарында өз-ара пайдалы байланысларды раўажландырып атырғанынан қуўанышлыман. Сиз, Президент мырза менен еллеримиз арасындағы бирге ислесиўди буннан былай да беккемлеў ҳәм кеңейтиў мәселелерин додалаў ушын өз-ара мақул мүддетлерде Өзбекстан Республикасына сапар менен барыўға үмит етемен.

Мырза Президент, Сизге беккем денсаўлық ҳәм үлкен табыслар, Өзбекстан Республикасына және де раўажланыў тилеймен.

Ҳүрмет пенен,

Мун Чжэ ИН

Корея Республикасы Президенти

*   *   *

Өзбекстан Республикасы Президенти

Уллы Мәртебели Мырза Шавкат Мирзиёевқа

Мырза Президент!

Өз атымнан ҳәм пүткил Франция халқы атынан Өзбекстан Республикасының мәмлекетлик ғәрезсизлиги күни менен Сизге ең жақсы тилеклеримди билдириўден, Өзбекстан халқына бахыт-ығбал ҳәм раўажланыў тилеўден  оғада қуўанышлыман.

Көп жыллар даўамында шерик болып киятырған Франция ҳәм Өзбекстан қатнасықлары буннан былай да раўажланып баратырғанын жоқары баҳалайман. Еки тәреплеме товар алмасыў көлеминиң өсип атырғаны ҳәм стратегиялық бирге ислесиўимиз диверсификацияланып атырғаны көлеминде быйыл сиясий пикирлесиўимиз буннан былай да беккемленеди. Париж қаласына болатуғын рәсмий сапарыңыз даўамында Сиз бенен ушырасыўымызды үлкен қанаатланыўшылық пенен күтип атырман.

Бул сапар алдынан еки тәреплеме көплеген әҳмийетли ушырасыўлар, соның ишинде, 20-июль күни саўда-экономикалық бирге ислесиў бойынша ҳүкиметлераралық комиссия мәжилиси өткерилди. Болажақ жоқары дәрежедеги пикирлесиўлер өз-ара қатнасықларымызды жеделлестириў ҳәм буннан былай да диверсификациялаў жолларын додалаў ушын жақсы имканият болады.

Пурсаттан пайдаланып, Сизди елиңиздиң Франция ушын әҳмийетли болған Орайлық Азияда регионаллық бирге ислесиўди раўажландырыўға қосып атырған үлеси менен  қутлықлаўға рухсат еткейсиз.

Мырза Президент, Сизге болған жоқары ҳүрметимди қабыл еткейсиз.

Эммануель МАКРОН,

Франция Республикасы Президенти

*   *   *

Өзбекстан Республикасы Президенти

Уллы Мәртебели Мырза Шавкат Мирзиёевқа

Сиз, Уллы Мәртебели Мырзаны дос Өзбекстанның Ғәрезсизлик күниниң белгилениўи мүнәсибети менен қутлықлап, Сизге халқыңыздың әрман-умтылысларын жүзеге шығарыў жолындағы  ис-ҳәрекетлериңизде әўмет тилеймен.

Усы пурсаттан пайдаланып, еллеримиз арасындағы дослық қатнасықларын уқсас мәплер жолында барлық тараўларда беккемлеўге қаратылған бирге ислесиўимизди қоллап-қуўатлайтуғынымды атап өтемен.

Сизге беккем денсаўлақ, бахыт-ығбал, дос Өзбекстан халқына буннан былай да раўажланыў ҳәм абаданлық тилеп қаламан.

Жоқары ҳүрмет пенен,

Абдулфаттоҳ ас-СИСИ,

Египет Араб Республикасы Президенти

    *   *   *

Сондай-ақ, төмендегилер өз қутлықлаўларын жоллаған:

Болгария Республикасы Президенти Румен Радев

Польша Республикасы Президенти Анжей Дуда

Португалия Республикасы Президенти Марсело Ребело де Соуза

Чехия Республикасы Президенти Милош Земан

Украина Президенти Пётр Порошенко

Саудия Арабстаны Патшасы Салмон ибн Абдулазиз Ол Сауд

Саудия Арабстаны Патшалығы Мийрасхоры, Министрлер Кабинети баслығының орынбасары, қорғаныў министри Муҳаммад ибн Салмон ибн Абдулазиз Ол Сауд

Лаос Халық Демократиялық Республикасы Президенти Буннянг Ворачит

Бирлескен Араб Әмирликлери Вице-президенти, Бас министри, Дубай Әмирлиги ҳәкими шайх Муҳаммад бин Рошид Ол Мактум

 

Қутлықлаўлардың келиўи даўам етпекте.