Өзбекстан Миллий мәлимлеме агентлиги (ӨзА) Өзбекстан тутыныўшылар ҳуқықларын қорғаў жәмийетлери федерациясының Қарақалпақстан Республикасы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласындағы орайлық базарларда сатылып атырған өнимлердиң баҳаларын үйрениў нәтийжелери тийкарында усы жылдың август айындағы баҳаларды жәриялады.

Агентлик берген мағлыўматларға қарағанда, Өзбекстан көлеминдеги базарларда 1 кг өсимлик майы 8-12 мың сумнан сатылмақта. Усы өнимниң ең қымбаты Нөкис ҳәм Ургенч қаласындағы Орайлық дийқан базарларында 12 мың сумнан сатылмақта. Ең арзан баҳалар Термиз қаласы Орайлық дийқан базарында бақланды – 8 мың сум.

Ал гөш өнимлерине келсек, Өзбекстан көлеминде 1 кг қарамал гөши 26 мың сумнан 42 мың сумға шекемги баҳаларда сатылмақта. Ең арзан баҳалар Қарақалпақстандағы базарларда бақланды – 26 мың сум. Нөкис қаласындағы Орайлық дийқан базарында 1 кг қарамал гөши 26-40 мың сумнан сатылмақта. Өткен ҳәптеде усы базарда 1 кг қарамал гөши 26-39,5 мың сумнан сатылып атырғаны бақланды.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.