Өзбекстан Республикасы ғәрезсизлик байрамының жигирма жети жыллық байрамы алдынан Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Президиумының қарары менен бир қатар жерлеслеримиз елимиз ғәрезсизлигин беккемлеў, оның экономикалық қүдиретин арттырыў ислерине қосқан мүнәсип үлеси, елимизде барлық тараўларда әмелге асырылып атырған  кең көлемли реформалардағы белсендилиги, Ўатанымыздың раўажланыўын ҳәм халқымыздың абаданлығын тәмийинлеў бағдарындағы көп жыллық пидәкерлик мийнети, жәмийетимизде миллетлераралық дослықты ҳәм татыўлықты беккемлеў және дөретиўшилиги менен халқымызды, жас әўладты ўатан сүйиўшилик ҳәм ғәрезсизлик идеяларына садықлық руўхында тәрбиялаўдағы үлкен хызметлери ушын ҳүрметли атақлар ҳәм «Ҳүрмет жарлығы» менен сыйлықланды.

Солардың қатарында республикамызға белгили художник, Өзбекстан Республикасына хызмет көрсеткен жаслар  устазы Жеңис Лепесовқа  «Қарақалпақстан халық художниги» атағы берилди.

– Устазымызға ғәрезсизлик байрамында үлкен атақ берилип атырған екен, бул байрамға ҳақыйқый саўға болды, деп ойлайман. Оның көп жыллық жемисли мийнетлери баҳаланды, – дейди Өзбекстан Көркем өнер Академиясы Қарақалпақстан бөлими көргизбе сарайының директоры Улбосын Өтегенова. -Устазымыз көплеген шәкиртлер таярлап шығарды. Олар бүгинги күнде устаздың жолын даўам еттирип келмекте.

Ж.Лепесов 1945-жылы Шымбай районында туўылған. Алма-ата қаласындағы Н.В.Гоголь атындағы көркем өнер билим журтының  сүўретшилик қәнигелиги бойынша билим алады. Өзиниң мийнет жолын Нөкис сүўретшилик устаханасында сүўретши-безеўши болып ислеўден баслап (1970-1979-жыл), 1976-2010-жыллары пайтахтымыздағы Есжан бақсы атындағы 1-санлы балалар музыка ҳәм көркем өнер мектебинде, сондай-ақ,  2005-2010-жыллары Өзбекстан көркем өнер академиясы жанындағы Қарақалпақстан Республикасы қәнигелестирилген көркем өнер мектебинде оқытыўшы болып жумыс иследи.

Ол 1980-жылдан Өзбекстан Көркем өнер дөретиўшилери аўқамының ағзасы.

Т.СЕЙТНАЗАРОВА,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы